Айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлериниң шаңарақлық бақша төлемлери компенсацияланады

123

Айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлерин қабыл еткен шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине усы балалардың тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў режелестирилмекте.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң тийисли қарарының жойбарында келтирилиўинше, “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы ҳәм “Кәмбағал шаңарақлар реестри” мәлимлеме блогына киргизилген шаңарақлар, 2026-жыл 1-январьдан болса тек ғана “Кәмбағал шаңарақлар реестри” мәлимлеме блогына киргизилген шаңарақлардың перзентлерин қабыл еткен шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине усы балалардың тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң 40 проценти бюджеттен қаплап бериледи.

Онда усы категориядағы шаңарақлардың перзентлери ҳаққындағы мағлыўматлар “Балалар бақшасы” мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында “Санлы ҳүкимет” системасының уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы қәлиплестириледи ҳәм “Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин басқарыў” мәлимлеме системасына узатылады.

Компенсация төленетуғын айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлериниӊ дизими мәлимлеме системасы тәрепинен автомат түрде тийисли тәртипте анықланады.

Бул қарардың қабыл етилиўи 2024-жыл 24-декабрьдеги ӨРН-1011-санлы Нызамына муўапық қайта бөлистирилетуғын қаржылар есабынан мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине субсидиялар ушын ажыратылған 3,8 триллион сум шеңберинде әмелге асырылады.

Еслетип өтемиз, алдынырақ, Ҳүкиметтиң 484-санлы қарары қабыл етилген болып, онда Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм рәсмий бәнт болған жалғыз ана (ата) лардың мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланып атырған 3 жасқа шекемги перзенти (перзентлери) не БЕМниң 1,5 есесине шекемги муғдарда пул қаржылары төлеп берилетуғын айтылған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги