Өзбекстан қаўыны Европаға шекем жетип барды

146

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстан Республикасы 17 сырт мәмлекетке улыўма баҳасы 4,4 миллион АҚШ долларына тең болған 14 мың тонна қаўын экспорт еткен. Бул нәтийже өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 8 мың тоннаға көп болып, мәмлекеттиң мийўе-овощ экспортындағы потенциалы артып атырғанын көрсетеди.

Қаўын экспортының артыўына бир неше әҳмийетли факторлар тәсир етти. Мысалы, климат шараятының қолайлығы ҳәм ерте өним алыў имканияты. Қалаберди, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде агротехнологиялардың кеңнен қолланылыўы ҳәм логистика системасының жақсыланыўы. Экспортқа қолайлы сортлардың жетистирилиўи ҳәм сапаға болған итибар да саўда көлемин кеңейтти.

Экспорт қурамына қаралғанда, қаўын экспортының тийкарғы үлеси қоңсы ҳәм Европа мәмлекетлерине туўра келмекте:

Россияға – 5 600 тонна;

Қазақстанға – 4 000 тонна;

Қырғызстанға – 3 000 тонна;

Латвияға – 603 тонна;

Украинаға – 515 тонна;

Германияға – 254 тонна;

Беларусьқа – 249 тонна;

Литваға – 153 тонна;

Басқа мәмлекетлерге – 84 тонна

Россия базары, әдеттегидей, тийкарғы қарыйдар болып қалмақта – жәми экспорттың 30 проценттен асламы усы мәмлекетке туўра келген. Бул болса Өзбекстан ушын Россия базарының стратегиялық әҳмийетин және бир мәрте тастыйықлайды.

Қазақстан ҳәм Қырғызстан сыяқлы қоңсы мәмлекетлерге экспорт көлеминиң жоқарылығы транспорт қәрежетлериниң төменлиги ҳәм турақлы саўда байланысларының бар екенлиги менен түсиндириледи.

Буннан тысқары, Латвия, Германия ҳәм Литва сыяқлы Европа мәмлекетлериниң дизимде болыўы Өзбекстанның қаўын жетистириўде халықаралық стандартларға сәйкес келетуғынын аңлатады. Европа базарлары сапа, сертификатлаў ҳәм гигиена бағдарында оғада талапшаң болып есапланады.

Өткен жылға салыстырғанда 8 мың тоннаға өсиў тек ғана экспорт көлеминиң кеңейгенин емес, ал өндирис көлеминиң артқанын ҳәм қаўын жетистириўшилер менен экспортшылар арасында бирге ислесиў күшейгенин билдиреди.

Өзбекстан 2025-жылдың биринши ярымында қаўын экспортын кескин арттырыўға еристи. Бул өсиў мәмлекеттиң аўыл хожалығында алып барылып атырған реформалар, өнимниң сапасына болған итибардың нәтийжеси болып есапланады. Келешекте бул тенденцияны сақлап қалыў ушын инновациялық қатнас ҳәм глобал базарларда бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА