Техникумларға 143 мың 114 қабыллаў параметри тастыйықланған

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, кәсиплик билимлендириў шөлкемлерине кеминде улыўма орта мағлыўмат тийкарында басланғыш, орта ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары бойынша күндизги, кешки ҳәм дуал тәлим түрлерине абитуриентлердиң ҳүжжетлери министрликтиң my.edu.uz платформасы арқалы 2025-жыл 10-сентябрьге шекем (сол күни де) қабыл етиледи.
Атап өтилгениндей, медицина техникумларына оқыўға кириў тилегинде болған абитуриентлер жоқары билимлендириў мәкемелерине таңлаў нәтийжелери жәрияланған күннен баслап 10 күн ишинде, тийисли қәнигелик ҳәм билимлендириў тилин таңлаған ҳалда таңлаўда қатнасыў ушын дизимнен өтеди.
Басқа техникумлар (кеминде улыўма орта мағлыўмат тийкарында) бойынша кириў имтиханлары жазба имтихан түринде өткериледи. 2025-2026-оқыў жылы ушын кеминде улыўма орта мағлыўмат тийкарында 549 техникумға жәми 143 мың 114 (соннан 66 мың 484 мәмлекетлик грант) қабыллаў параметрлери тастыйықланған.
Күндизги билимлендириўде – 102 мың 194 (49 мың 234 мәмлекетлик грант), кешки билимлендириўде – 2 мың 250 ҳәм дуал билимлендириў түринде – 38 мың 670 (17 250 мәмлекетлик грант) ажыратылған.
ӨзА