Нөкис қаласында жаңа шаңарақлық поликлиника ашылды

337

Нөкис қаласындағы Қутлы қоныс мәкан пуқаралар жыйынында халықтың денсаўлығын сақлаў тараўында және бир қолайлық жаратылып, заманагөй талапларға жуўап беретуғын 11-санлы шаңарақлық поликлиникасының ашылыў салтанатлы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Нөкис қаласының ҳәкими А.Данияров, сондай-ақ, медицина хызметкерлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде денсаўлықты сақлаў тараўын түп-тийкарынан жетилистириў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, медицина тараўын заман талаплары дәрежесине алып шығыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Поликлиникада улыўма әмелият шыпакерлери, балалар ҳәм ҳаял-қызлар шыпакерлери, лаборатория және диагностика бөлимлери жумыс баслады. Заманагөй медициналық үскенелер, қолайлы қабыллаў ханалары ҳәм жақты интерьер наўқаслар ушын жеңиллик жаратады, әлбетте.






– Жаңа имаратқа, заманагөй қолайлықларға ийе поликлиниканың ашылыўы бизиң әрманымыз еди. Бурын бундай шараят ушын қала орайына барыўымызға туўра келетуғын еди. Ал, енди сапалы медициналық хызмет үйимиздиң қасында,-дейди мәҳәлле турғыны Жамила Раметуллаева.

– Маған ең унағаны – балалар бөлими болды. Енди киши жастағы перзентлеримди жақын, таза ҳәм қолайлы жерде көрсетиў имканиятым бар. Бул ушын басшыларымыздан миннетдармыз,-дейди жас ана Дилбар Раметуллаева.

Маман қәнигелер ҳәр бир наўқасқа индивидуал қатнаста болып, бул жерде емлеў менен биргеликте профилактикалық жумысларға да үлкен итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги