196 мәмлекетте излеўге берилген жынаятшы Колумбияда усланды

170

Колумбияның Кали қаласында қәўипли жынаятшы қолға алынды, деп мәлим етти жергиликли қәўипсизлик басқармасы.

– Интерпол уйымы ҳәм Кали бирге ислесиўи нәтийже бериўде даўам етпекте, – делинеди хабарда. – Колумбия полициясы ҳәм халықаралық агентлик биргеликте өткерген операция даўамында 196 мәмлекетте излеўге берилген, Италиядағы “Ндрангета” мафиясы топарының жетекшиси, деп болжанып атырған “Феди” лақаплы шахс қолға алынды.

Жергиликли баспасөздиң жазыўынша, әмелият Уллы Британия рәсмийлери менен биргеликте өткерилген. Федерико Стартоне халықаралық кокаин саўдасы ҳәм Қубла Америкадағы жынайый шөлкемлер менен байланыс орнатқаны ушын излеўге берилген еди.

Қамаққа алынған шахс Колумбия, Эквадор ҳәм Бразилияда Италия мафиясының оператив ҳәрекетин жолға қойыў, буғаз клани, Лос Чонерос (Эквадор) ҳәм Биринши Метрополитен сәркардалығы (ПСС, Бразилия) менен Европада кокаин ислеп шығарыў, тасыў ҳәм тарқатыўды муўапықластырыў ушын жуўапкер еди.

ҒХҚ Феди 11-июль күни Боготада қолға түскен “Ндрангета”ның тийкарғы басшысы «Пеппе» лақаплы Жузеппе Палермоның исенимли агенти сыпатында ҳәрекет еткенине де итибар қаратқан.

ӨзА