Бир қыздың IТ саяхатнамасы: Абдикеримова Лаззат пенен сәўбет

142

Соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасында мәлимлеме технологиялары (IТ) тараўына болған итибар сезилерли дәрежеде артты. Президентимиздиң басламалары ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында IТ инфраструктурасы кеңеймекте, заманагөй имаратлар қурылмақта, жаслар ушын билимлендириў ҳәм жумыс имканиятлары жаратылмақта.

Нөкис қаласында қурылған жаңа 17 қабатлы IТ Парк имараты – буның айқын мысалы. Заманагөй дизайн тийкарында қурылған бул орай Ташкенттеги IТ Парк пенен үнлес тәризде барлық зәрүр техникалық ҳәм жумыс шараятларына ийе. Жаслар, стартаплар ҳәм сырт ел инвесторлары ушын бийпул офислер, халықаралық компаниялар менен бирге ислесиў имканиятлары – булардың барлығы жаңа басқыштағы IТ орталығын қәлиплестирмекте.

Сәўбет қаҳарманы – Абдикеримова Лаззат

Биз бүгин IТ тараўында өз жолын тапқан жас қыз – Абдикеримова Лаззат пенен сәўбетлестик. Оның IТге алып келген саяхатнама көпшилик ушын мотивация болатуғыны сөзсиз.

– IТ тараўына қалай кирип келдиңиз?

– Негизинде мен инглис тилинен сабақ беретуғын едим. Жаслар ислери агентлигинде ислеп атырғанымда «IТ Woman Tech» жойбарын көрип қалдым. Жойбарға кириў ушын тест имтиханынан өттим ҳәм күшли 30 қыз арасына кирдим. 6 ай даўамында СММ бойынша оқып, IТ Паркте жумыс басладым. Сол ўақыттан баслап IТ мениң өмиримди түп-тийкарынан өзгертип жиберди.

– Дәслепки жумыс шараятларыңыз қандай еди?

– Бурынғы IТ Парк имараты киши ҳәм суўық еди, еки бөлмели орында ислер едик. Кейин ала еки қабатлы жайға көштик. Ҳәзир болса Нөкистеги 17 қабатлы заманагөй IТ Парк имаратында жумыс алып барып атырмыз. Бул жерде ҳәр қандай IТ жумысы ушын шараятлар бар.

– Жаңа IТ Парк имканиятлары ҳаққында не дейсиз?

– Президентимиз тараўға үлкен итибар қаратпақта. Ҳаял-қызларды IТге тартыў, оларды басшы лаўазымларына таярлаў бойынша да көп жумыслар исленбекте. Жаслар ушын бир жылға шекем бийпул офислер ажыратылған. Сондай-ақ, сырт ел инвесторлары, белгили компания менеджерлери де бул жерде жумыс алып бармақта.

– Келешекте қандай режелериңиз бар?

– Ҳаял-қызларды IТ тараўына тартыў, олардың дәрамат табыўы ҳәм жумыс пенен тәмийинлениўине жәрдем беретуғын жойбарлар ислеп шығыў нийетим бар. Соның менен бирге, өзимниң IТ компаниямды да ашыўды режелестирип атырман.

– Тараўдағы тийкарғы машқалалар ҳаққында не дейсиз?

– Тийкарғы машқала – кадрлар жетиспеўшилиги. Жаслар көбирек оқыўы, үйрениўи ҳәм өз үстинде ислеўи зәрүр. Және бир мәселе – көпшилик IТниң абзаллықларын толық түсинбейди. Қызығыўшылықты арттырмасақ, кадрлар мәселесин шеше алмаймыз.

– Жаслар ушын сизиң мәсләҳәтиңиз?

– Мақсет қойсаңыз, оған жетемен дегенше тоқтамаң. Қыйыншылықлар болады, бирақ жолдан қайтпаң. «Яқ» деген сылтаўды излеўдиң орнына, үйрениў ушын имканият излең. Бизге келиң, биз жәрдем беремиз.

– Университетте оқыў шәрт пе?

– Әлбетте. Университет тек ғана билим емес, ал жәмийет пенен бирге ислесиў, пикирлеў мәдениятын да үйретеди. Бул болса IТ де әҳмийетли.

Қысқа сораўлар – тез жуўаплар

– ТОП IТ мәмлекетлер?

– Қубла Корея, Қытай, Япония.

– 5-10 жылдан кейин Қарақалпақстанда IТ ды қалай көресиз?

– Сырт ел компаниялары саны артады, көбирек жумыс орынлары жаратылады, жаслар ушын жоқары дәрамат табыў имканиятлары кеңейеди.

– Жеке режелериңиз?

– Өз IТ компаниямды жолға қойыў.

Абдикеримова Лаззаттиң таӊлаған жолы – бул тек ғана бир инсанның IТ деги жолы емес, ал көплеген жас қызлар ушын илҳам дәреги. Қарақалпақстанда IТ тараўында имканиятлар кеңейип бармақта, бул имканиятлардан пайдаланыў ҳәр бир жастың қолында.

Бизиң кейинги қаҳарманымыз ким болиўи мүмкин? Бәлким бул кейинги IТ жолына қәдем қойған жас қыз ямаса жигит шығар. Бәлким, сиз боларсыз?…

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

Автордың түсирген сүўретлери