Вьетнам орынлаў тараўының ўәкиллери Өзбекстан Мәжбүрий орынлаў бюросы менен бирге ислеседи

Вьетнам Социалистлик Республикасы Әдиллик министрлигиниң Пуқаралық ислери бойынша суд қарарларын орынлаў департаментиниң бас директоры Нгуен Тханг Лой басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасына келди.
Делегация ўәкиллери Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы болып, еки тәреплеме қатнасықларды жолға қойыў, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң мәжбүрий орынлаў хызметлери арасында тийкарғы бағдарлар ҳәм перспективалы раўажландырыўда өз-ара бирге ислесиў мәселелерин додалады.

Бас прокуратурада делегация, Мәжбүрий орынлаў бюросы ўәкиллери менен рәсмий ушырасыў өткерилип, онда мәмлекетимиз орынлаў системасында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Делегация ағзалары «Прокуратура тарийхы» музейине барды. Сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросының Яшнабад районы бөлиминде болып, орынлаўшылардың жумысы, сондай-ақ, бул бағдарда енгизилген санластырыў процесслери ҳәм алдынғы тәжирийбе ҳәм реформалар менен жақыннан танысты.

Буннан тысқары, Вьетнам Социалистлик Республикасы Әдиллик министрлигиниң Пуқаралық ислери бойынша суд қарарларын орынлаў департаментиниң бас директоры Нгуен Тханг Лой тәрепинен орынлаў ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў тараўында әмелге асырылып атырған, сондай-ақ, процесслерди санластырыў себепли ерисилип атырған нәтийжелер жоқары баҳаланды.
Илаж шеңберинде «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы» акционерлик жәмийети ўәкиллериниң қатнасыўында мәмлекетимизде мүлклерди “E-Auksion” электрон онлайн-саўдалар арқалы сатыў бойынша тәжирийбе алмасылды.
Н.Абдураимова, ӨзА