«Qonaev Cup 2025»те жерлесимиз сыйлы орынға талабан
173

Бүгин, 11-август күни Қазақстанның Алма-ата қаласында шахмат бойынша даўам етип атырған «Qonaev Cup 2025» турнириниң 8-тур беллесиўлери өткериледи. Онда “Masters” топарында Ўатанымыздың абырайын қорғап атырған Муҳаммадзоҳид Суяров ақ даналарда FIDE байрағы астында турнирге қатнасып атырған беларусиялы Сергей Азаров пенен беллессе, Ҳумоюн Бекмуродов қазақстанлы Алуа Нурманның қарсылығын жеңиўге ҳәрекет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги