Өзбекстан байрағы Литва аспанында
130

Литваның Тракаи қаласында спорттың академиялық ескек есиў түри бойынша 19 жасқа шекемги ул балалар ҳәм қызлар арасында Жәҳән чемпионаты болып өтти.
Бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз Айдана Сметуллаева еки адамлық тақ ескекли қайық беллесиўинде жоқары шеберликти көрсетти.

Кескин финал беллесиўлеринде табыслы қатнасқан спортшымыз 2-орынды ийелеп, Өзбекстан сайланды командасына гүмис медаль қосып қойды.

Айдана Сметуллаеваның бул табысы жасларымыз ушын үлкен илҳам дәреги болып, мәмлекетимизде академиялық ескек есиў спортын және де ғалаба ен жайдырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги