Нөкисте «Babur Med Hospital» көп тармақлы клиникасы жумыс баслады
136
Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында медицина тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, жеке меншик секторда жумыс алып барып атырған клиникаларды қоллап-қуўатлаў жумыслары жаңа басқышқа көтерилди.
Усындай имканиятлар нәтийжесинде Нөкис қаласында заманагөй «Babur Med Hospital» көп тармақлы клиникасы өз жумысын баслады.
Айтып өтиў орынлы, бул клиника Қарақалпақстанда бириншилерден болып жумыс баслаған жеке меншик туўыў үйи есапланады. Бул жерде ана ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған болып, жоқары маманлықтағы шыпакерлер тәрепинен хызмет көрсетиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги