Агрегатлардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў зәрүр

Шымбай районындағы “Тоңмойын” насос станциясында көргизбели семинар өткерилди,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.
Оған Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жуўапкерлери қатнасып, усы насос станциясында электр энергиясынан ҳәм насослардан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.
Көргизбели семинар түринде өткерилген илажда электр энергиясын үнемлеў, насос станциялары агрегатларын оңлаў, мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги және насос станциялары әтирапында жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар бар техникалық үскенелер ҳәм агрегатлардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў бойынша тәжирийбе алмасты.

Илаж даўамында жуўапкер қәнигелер тәрепинен мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги бойынша да тийисли түсиник жумыслары алып барылып, бул бағдардағы талапларға әмел етиўдиң әҳмийети айрықша атап өтилди. Соның ишинде, әмелдеги нызамшылық ҳәм тастыйықланған инструкцияларға қатаң әмел етиў шәрт екенлиги атап өтилип, жумыс басланыўдан алдын орынланыўы керек болған талаплар, жумыс процесинде әмел етилетуғын қәўипсизлик қағыйдалары, айрықша жағдайларда орынланыўы керек болған илажлар ҳәм жумыс жуўмақланғаннан кейин орынланатуғын ҳәрекетлер көргизбели қураллар жәрдеминде кеңнен түсиндирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги