Металлургия тараўында Қытай менен бирге ислесиў

126

Өзбекстан Металлургия  ассоциациясы ўәкиллери ҳәм Қытай Темир-полат ассоциациясы ўәкиллериниң ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў даўамында  еки шөлкем арасында бирге ислесиў ҳаққында  меморандумға  қол  қойды.

Мағлыўматларға бола, ассоциация Қытайдың ең  ири тармақ шөлкеми болып, 400 ден аслам кәрхана, соның ишинде, жетекши металлургия корпорациялары, илимий-  изертлеў институтлары ҳәм сервис компанияларын өзинде  бирлестирген.

Ушырасыў даўамында мәмлекетимизде кән-металлургия санааты өнимлери негизинде алдынғы дүнья әмелияты тийкарында жоқары қосымша  баҳалы таяр өнимлер ислеп шығарыў қуўатлықларын шөлкемлестириў, оған байланыслы  болған тармақларды раўажландырыў ҳәм бул  бағдардың инвестициялық   тартымлылығын арттырыўға айрықша итибар берилип атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, енди  усы бирге ислесиў меморандумы Ассоциация ушын алдынғы технологиялар, жаңа бирге ислесиў қатнасықлары ҳәм инвестиция имканиятларына және де кең жол ашып  беретуғыны атап өтилди.

Соның ишинде, тармақтың  бәсекиге шыдамлылығын ҳәм Өзбекстан қара металлургиясының дүнья базарындағы абырайын беккемлейди.

Гулноза Бобоева, ӨзА