ТМШ Әзербайжан – Армения келисими бойынша баянат берди

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Куабиничбек Омуралиев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян ҳәм гүўа сыпатында Америка Қурама Штатларының жетекшиси Дональд Трамптың қатнасыўында Вашингтон қаласында қол қойылған Биргеликтеги декларация жәрияланыўы мүнәсибети менен арнаўлы баянат берди.
– Мен «Тынышлық ҳәм Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасы арасында мәмлекетлераралық қанасықлар орнатылыўы ҳаққында Келисим»ниң келисилген текстине қол қойылыўы, сондай-ақ, еки мәмлекет сыртқы ислер министрлериниң Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкемине «ЕҚБШ Минск процеси» ҳәм усының менен байланыслы структуралар бийкар етилиўи ҳаққындағы мүрәжатын қатаң қоллап-қуўатлайман, – делинген тийисли ҳүжжетте. – Усы тарийхый ўақыя Қубла Кавказ регионында беккем тынышлық ҳәм турақлылық орнатыў, кең аймақларымызда абаданлыққа ерисиў жолындағы әҳмийетли қәдем болатуғынына исенимимиз кәмил.
Ғ.Хонназаров, ӨзА