Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы экономикалық бирге ислесиў  қатнасықлары беккемленбекте

124

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Сыртқы экономикалық жумыс департаментиниң баслығы Саидкомил Саидназирҳанов басшылығындағы делегация Қытай Халық Республикасының Шинжон санаат қырылыс корпусы ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Шинжон санаат қурылыс корпусы 1954-жылы шөлкемлестирилген мелиорация, шегараны қорғаў ҳәм экономиканы раўажландырыў менен шуғылланыўшы арнаўлы  структура екенлигин атап өтиў зәрүр. Корпус қурамында  14 бөлим, 22 раўажланыў аймағы ҳәм 3 миллион 600 мың хызметкер жумыс ислейди.

Сөйлесиў делегация басшысы – Шинжон санаат қурылыс корпусы комиссарының орынбасары Лю Чжунго еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды кеңейтиў мәселелрине  тоқтап, қурылыс, аўыл хожалығы, тоқымашылық, туризм, программаластырыў ҳәм мәлимлеме технология тараўларында биргеликтеги жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилип атырғанын мәлим етти.

Өзбекстан тәрепи өз гезегинде мәмлекетимиздеги инвестиция имканиятлары ҳәм жаратылған  қолайлы орталық ҳаққында мағлыўмат берди. Саўда-санаат палатасы мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, келешекте қытайлы бирге ислесиўшилер менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша  келисимге ерисилди.

Б.Худойбердиев, ӨзА мухбири