Ташкентте сегизинши Орайлық Азия экспертлер форумы болып өтеди

Усы жыл 14-15-август күнлери Ташкентте “Орайлық Азия – исеним, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўдың улыўма мәканы” атамасында VIII Орайлық Азия экспертлер форумы (ОАЭФ) болып өтеди.
2018-жылы шөлкемлестирилген ОАЭФ ҳәр жылы Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына басшылық етип атырған мәмлекетте өткериледи. Форум регионаллық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалаў ушын әҳмийетли майдан ўазыйпасын атқарады ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара байланысларын буннан былай да раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығады.
Форум Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) тәрепинен шөлкемлестирилмекте. Илаж шериклери – БМШтың Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы, Европа Аўқамының Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ), Конрад Аденауер атындағы қор.
Форумда Орайлық Азиядан дәстүрий түрде регион мәмлекетлериниң стратегиялық институтлары, илимий-изертлеў орайларының басшылары және қәнигелери ҳәм академиялық топарлардың ўәкиллери қатнасады. Биринши мәрте илажға регионологиялық тәжирийбе алмасыў мақсетинде Европа Аўқамы, Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлери аўқамы (АСЕАН), Арқа кеңес мәмлекетлеринен абырайлы экспертлер, сондай-ақ, Россия Федерациясы, АҚШ, Уллы Британия, Швейцария ҳәм Әзербайжаннан изертлеўшилер мирәт етилген.
Форумның кең көлемли бағдарламасы регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў перспективаларын көрип шығыў ҳәм көп тәреплемели байланысларды алға қойыў бойынша анық илажларды белгилеўди өз ишине алады.
Буннан тысқары, Форум шеңберинде өз алдына илажлар өткериледи: регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириўдиң әмелий жақлары бойынша илимий-әмелий конференция және “Орайлық Азия – Арқа Европа” форматындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына бағышланған дөгерек сәўбети болып өтеди.
Болажақ экспертлер сөйлесиўи мәплер соқлығысқан ноқатларды анықлаў ҳәм Орайлық Азияның келешектеги раўажланыў бағдарларын белгилеп бериўи күтилмекте. Ислеп шығылған усыныслар усы жылы Өзбекстанда өткерилиўи режелестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўының күн тәртибин байытыўға әҳмийетли үлес қосады.
ӨзА