Қурылысшылар байрамы кең түрде белгиленди

106

Нөкис қаласындағы «Караван сарай» ресторанында «Өзбекстан Республикасы Қурылыс тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси өткерилди. Онда қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған қәнигелер, нуранийлар, жоқары мәртебели мийманлар, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.


Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов тараў ўәкиллерин қызғын қутлықлады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимиз Президентиниң басшылығында қурылыс тараўы экономиканың жетекши тармақларынан бирине айланғанын атап өтип, былай деди:
— Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаратылған кең имканиятлар, заманагөй инфраструктура ҳәм турақ жайлар қурыўға қаратылған реформалар нәтийжесинде елимиздиң келбети күн сайын жаңаланып бармақта. Қарақалпақстанда да қала ҳәм районларымызда социаллық жойбарлар турмысқа енгизилип, халқымыз ушын қолайлы жасаў орталығы жаратылмақта.


Илажда қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған пидайы қәнигелер ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Соңғы жыллары елимизде қурылыс тараўы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында избе-из раўажланып келмекте. Заманагөй турақ жайлар, инфраструктура объектлери, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери, ири санаат кәрханалары, жол-транспорт тармақлары қурылмақта. Қарақалпақстан Республикасында да абырайлы социаллық жойбарлар әмелге асырылып, қала ҳәм районлардың келбети түп-тийкарынан жаңаланбақта.
Сондай-ақ, бир қатар сырт мәмлекетлер менен биргеликте ири имарат ҳәм объектлер, заманагөй өндирис кәрханалары ҳәм инфраструктура объектлери қурылмақта.
Кеше концерт бағдарламасы менен жуўмақланып, мийманларға байрам кейпиятын бағышлады.

 

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери