IТ тараўын раўажландырыў мәселелери додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде IТ тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кеңейтилген мәжилис болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов, Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы Мурат Атамуратов, IТ тараўында жумыс алып барып атырған резидентлер, Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимлериниң социаллық мәселелер бойынша орынбасарлары, жуўапкер министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм санлы экономика бойынша жойбарлар менеджерлери қатнасты.

Мәжилисте соңғы жыллары мәмлекетимизде барлық тараўларды санластырыў ҳәм бул процесске жасларды кеңнен тартыўға қаратылып атырған итибар айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, Президентимиз ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен санлы хызметлер экспортын раўажландырыў, тараўда маман қәнигелерди таярлаўды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар қарарлар қабыл етилип, анық ўазыйпалар белгилеп берилгенине итибар қаратылды.
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстанда IТ тараўын раўажландырыў, стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Сондай-ақ, аймақларда жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, санлы экономиканы кеңейтиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.

Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов IТ резидентлериниң баслама ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаў, тараўда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли уйымларға анық тапсырмалар берди.
Ушырасыў жуўмағында IТ резидентлери өз пикир-усынысларын билдирип, тараўда инновациялық раўажланыў бойынша келешектеги режелер ҳаққында пикир алысты.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы