Жумыс бериўшилерге тосқынлық етип атырған жуўапкершилик илажлары бийкар етиледи

187

Өзбекстан Республикасы Президенти “Мийнет қатнасықлары ҳәм кәсипке таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманға қол қойды.

Оған муўапық, төмендегилер мийнет қатнасықлары ҳәм кәсипке оқытыў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери етип белгиленди:

а) хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы мийнет қатнасықларының нәтийжели, әдил ҳәм өз-ара пайдалы системасын жаратыў;

б) кәсипке оқытыў менен бир қатарда маманлық арттырыў системасын, соның ишинде, жеке меншик сектордың қатнасыўында енгизиў;

в) жумыс бериўшилердиң мүтәжлигине муўапық оларды маман кадрлар менен тәмийинлеў системасын енгизиў;

г) инсан ресурсларын басқарыў ҳәм мийнетти қорғаў тараўын раўажландырыў.

Пәрман менен 2025-жыл 1-сентябрьден баслап жумыс бериўшилер ушын белгиленген төмендеги талаплар бийкар етиледи:

а) бос жумыс орынларына бәнтлик уйымлары тәрепинен жиберилетуғын шахсларды жумысқа қабыл етпегенлиги ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик;

б) бос жумыс орынлары бар екенлиги ҳаққындағы есабатларды мәжбүрий усыныў.

2025-жыл 1-ноябрьден баслап:

а) хожалық жүргизиўши субъектлер тек ғана майыплығы болған шахслар, шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахслар, Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақлардың ағзалары, альтернатив жайластырыў түрлеринде тәрбияланған жетим шахслар, ата-ана қарамағынан айырылған шахслар ушын жумыс орынларының мәжбүрий резервлерин қәлиплестиреди;

б) бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған кәрханалар тек ғана майыплығы болған шахслар, шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахслар, Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақлардың ағзалары, альтернатив жайластырыў түрлеринде тәрбияланған жетимлер, ата-ана қарамағынан айырылған шахслар, жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген ҳәм адам саўдасынан жәбирленген шахслар ушын жумыс орынларының мәжбүрий резервлерин қәлиплестиреди;

в) бәнтлик уйымлары резервтеги жумыс орынларына жолламаларды шөлкемлердиң дизимдеги гезеги бойынша береди;

е) жолламаларды бериўде майыплығы болған шахслардың жасаў мәнзилине жақынлығы ҳәм шөлкемлерде жумыс алып барып атырған халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категориясынан болған хызметкерлердиң әмелдеги саны инабатқа алынады;

г) хызметкерлериниң саны 50 адамға шекем болған исбилерменлик субъектлерине де микрофирмалар категориясына киргизилген жумыс бериўшилер ушын Мийнет кодексиниң 29-бабында белгиленген хызметкерлердиң мийнетин ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың өзине тән өзгешеликлери қолланылады;

д) жумыссызлық напақасы тек ғана мийнет шәртнамасы бийкар етилген шахсларға төленеди;

ж) жумыссызлық напақасын алыўшы шахс бәнтлик уйымлары тәрепинен жиберилген ямаса жәрияланған бос жумыс орынларына сәўбетлесиўге бармаған яки усыныс етилген мақул жумыстан бас тартқан жағдайда напақа төлеми кейинги айдың биринши сәнесинен тоқтатылады.

2026-жыл 1-январьға шекем дәслеп Ташкент қаласында ҳәм келешекте республиканың барлық аймақларында жумыс бериўшилерге әмелий билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелерди таўып бериўде бәнтлик уйымлары тәрепинен жәрдемлесиў системасы енгизиледи.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлерге хызметкерлериниң саны 50 ге шекем болған хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлерге БММСда биометрикалық идентификациялаў (Face-ID) арқалы электрон мийнет шәртнамаларын дүзиў ҳәм бийкарлаўды рәсмийлестириўге рухсат бериледи.

Шөлкем сапластырылғанлығы ямаса жумыс алып бармай атырғанлығы себепли жумыс бериўши менен мийнет шәртнамасын бийкарлаў имканияты болмаған жағдайда, “Бирден-бир миллий мийнет системасы” дирекциясына пуқараның мүрәжатына тийкарланып мийнет қатнасықларының ҳақыйқаттан да тамамланғанлығы ҳаққындағы жазыўларды БММСға киргизиў ўәкиллиги бериледи.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик мийнет инспекторлары тәрепинен өткерилетуғын тексериўлер ҳаққында ўәкилликли уйымды алдыннан хабардар етиў тәртиби бийкар етиледи. Сондай-ақ, “Қәўип-қәтерди таллаў” системасының таллаў нәтийжелерине тийкарланып өткерилетуғын тексериўлердиң басланыўы ҳаққында кеминде 10 жумыс күни алдын исбилерменлик субъектин хабардар етиў тәртиби мәмлекетлик мийнет инспекторлары тәрепинен өткерилетуғын тексериўлерге енгизилмейди.

2026-жыл 1-январьдан баслап БММС арқалы дизимге алынған мийнет нызамшылығының бузылыўын жумыс бериўшиниң қатнасыўысыз көрип шығыў ҳәм нызам бузылыў жағдайлары бойынша электрон ҳәкимшилик қарар қабыл етиў системасы енгизиледи.

 

ӨзА