Драйвер жойбарларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды

185

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Район (қала) ларда экономикалық өсиўге түртки беретуғын драйвер жойбарларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Район (қала)ларда экономикалық өсиўге түртки беретуғын драйвер жойбарларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

драйвер жойбарларды қәлиплестириў, келисиў ҳәм тастыйықлаў;

драйвер жойбарларды қаржыландырыў;

драйвер жойбарлардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў, муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў тәртиби белгилеп берилген.

Драйвер жойбарларды қәлиплестириў ҳәм оларды нәтийжели әмелге асырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлар (қалалар) ҳәкимликлери;

драйвер жойбарлар әмелге асырылыўын муўапықластырыў ҳәм мониторингин алып барыў ушын Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жуўапкер шөлкемлер болып есапланады.

Драйвер жойбар әмелге асырылатуғын тараўлар ҳәм бағдарлар төмендегилер болып есапланады:

а) санаатта:

мәҳәллелердиң қәнигелесиўинен келип шығып, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин кеңейтиў ушын микро санаат орайларын шөлкемлестириў;

арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарындағы бос жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў;

бос турған имарат ҳәм объектлерде өндиристи жолға қойыў;

азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, сайлап алыў, қадақлаў ҳәм сақлаўды жолға қойыў;

қәнигелескен мәҳәллелерде кооперация тийкарында өндиристи кеңейтиў;

өндирис кәрханаларының қуўатлылығын толық пайдаланыў ҳәм кеңейтиў;

б) хызмет көрсетиўде:

жоллар бойында саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин, соның ишинде, “Service point” ҳәм “Service агеа”ларды шөлкемлестириў;

район орайы ҳәм оған тутас аймақлардан ағып өтиўши суў бассейнлериниң бойларында, тәбийғый ҳәм жасалма көллердиң жағаларында жағалық бойы туризм ҳәм дем алыў орынларын шөлкемлестириў;

туризм объектлерин (үй мийманханалары, саўда шақапшалары ҳәм басқалар) шөлкемлестириў арқалы келиўшилердиң санын арттырыў (сырт елли ҳәм жергиликли туристлердиң ағымын көбейтиў) және оларға узақ мүддет қалыў имканиятларын жаратыў;

халық тығыз жайласқан орынларда саўда ҳәм хызмет көрсетиў бағдарында күни-түни жумыс ислейтуғын заманагөй көшелерди шөлкемлестириў;

мастер-реже ислеп шығылған аймақлардағы перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаў;

дем алыў бағларын кеңейтиў ҳәм модернизациялаў арқалы қосымша саўда-сервис объектлерин және жасыл аймақларды шөлкемлестириў;

аймақларда бар базарлардың қуўатлықларын арттырыў, жумысын тәртипке салыў, жаңа базарлар ҳәм олардың филиалларын шөлкемлестириў;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында бос турған имарат-объектлерден мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў;

реновация тийкарында ески үйлер орнында төменги қабатларында хызмет көрсетиўге мөлшерленген көп қабатлы заманагөй турақ жай ҳәм турақ жай емес имаратларды қурыў ушын инфраструктураны жаратыў;

аймақларды раўажландырыў бойынша мастер-режелерди ислеп шығыў;

жоқары дәраматлы кәсиплерге ҳәм шет тиллерине оқытыўды жолға қойыў;

в) аўыл хожалығында:

халыққа ижара тийкарында ажыратылған аўыл хожалығы жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў ушын инфраструктураны жаратыў;

жер майданларын өзлестириў, пайдаланыўдан шыққан жер майданларын қайта пайдаланыўға киргизиў, жер майданларының суў тәмийнатын жақсылаў;

ески бағ ҳәм жүзимзарларды жаңалаў және олардың фонында жаңа зүрәәтли (интенсив) бағларды шөлкемлестириў арқалы бар жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў;

қәнигелескен мәҳәллелерде кооперация тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди кеңейтиў;

шарўашылық, балықшылық, ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў.

Драйвер жойбарларды қәлиплестириў, келисиў ҳәм иске қосыў район (қала) ҳәкимлери тәрепинен әмелге асырылады.

ӨзА