ЮНЕСКОның Самарқандта өтетуғын 43-сессиясына бес мыңнан аслам мийман келеди

Быйыл октябрь айының соңғы күнлеринен ноябрь айының биринши ярымына шекем Самарқанд қаласында БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) Бас конференциясының 43-сессиясы өткериледи.
Соңғы 40 жыл ишинде биринши мәрте ЮНЕСКОның Париж қаласындағы резиденциясынан басқа жерде өткерилиўи белгиленген бул ўақыя шөлкемниң 80 жыллығына туўра келгени менен де әҳмийетли.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 15-марттағы қарарына бола, бул илажға таярлық көриў бойынша шөлкемлестириў комитети дүзилип, керекли илажлар әмелге асырылмақта.
Шөлкемлестириў комитети тәрепинен сессияға байланыслы илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумысшы топарлар дүзилип, таярлық жумыслары алып барылмақта. Сессия қатнасыўшыларының келиўи ҳәм кетиўи, оларға виза рәсмийлестириў, транспорт ҳәм медициналық хызметлер көрсетиў, тийкарғы илажлар ҳәм мәдений бағдарламаларда қатнасыўы мәселелери ЮНЕСКО менен келисилген ҳалда шешилмекте.

Усы жылдың 12-март күни Президент Шавкат Мирзиёев Францияға мәмлекетлик сапары шеңберинде ЮНЕСКО бас директоры Одри Азулени қабыл етип, шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң әмелий жақларын додалаған еди.
Сессия ҳәм тийкарғы илажлар “Silk Road Samarkand” туристлик комплексинде өткериледи.
Мағлыўматларға бола, 43-сессия ҳәм оның шеңбериндеги илажларда 194 мәмлекеттен 5 мыңнан аслам қатнасыўшы келиўи күтилмекте. Тек ғана ЮНЕСКО секретариатынан 400 хызметкер келеди. Сондай-ақ, мәмлекет басшылары, халықаралық шөлкемлердиң жетекшилери, министрлер ҳәм елшилер Самарқандта жыйналады. Ҳәзирше үш мәмлекет басшысы, соның ишинде, Қазақстан Президенти сессияда қатнасыў тилегин билдирген.
Абырайлы делегациялар, илаж қатнасыўшыларын жайластырыў ушын “Silk Road Samarkand”комплексиндеги 8 мийманханада 1176 хана, Самарқанд қаласындағы 130 мийманханада 4178 хана ажыратылып, форум күнлери ушын бәнт етип қойылған.
Буннан тысқары, Ташкент, Бухара, Хийўа ҳәм Шаҳрисабзда мәдений илажлар, экскурсиялар ҳәм қабыллаўлар өткерилетуғынын есапқа алып, бул қалаларда да мийманханалар таңланған, делегацияларға транспорт ҳәм басқа да хызметлер көрсетилиўи бойынша керекли илажлар көрилмекте.

Сессия шеңберинде ЮНЕСКОның Жаслар форумы, миллий комиссиялар мәжилиси, биринши мәрте Беруний атындағы Өзбекстан-ЮНЕСКО сыйлығын тапсырыў мәресими, музейлерде жасалма интеллекттиң орны бойынша халықаралық конференция өткериледи. Буннан тысқары, Самарқандтағы тарийхый-мәдений естеликлер, музейлер, мәденият орынларында халықаралық көргизбелер, жаңа экспозициялардың презентациясы, дүнья жулдызларының қатнасыўында концерт бағдарламалары, улыўма 150 ден аслам илаж режелестирилген.
43-сессия ҳәм басқа да илажларды сәўлелендириў ушын Самарқандқа келетуғын жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларын белгиленген тәртипте аккредитациядан өткериў ҳәм оларға зәрүр шараят жаратыў бойынша да илажлар көрилмекте. “Silk Road Samarkand” комплекси аймағында баспасөз орайы шөлкемлестириледи.
ӨзА