“Marry me” – мазмун ба ямаса көринис пе?

Пикир
Соңғы жыллары жәмийетимизде той алдындағы жаңа түрдеги мәресимлер, соның ишинде, “Marry me” деп аталған мирәт етиў мәресими барған сайын кеңнен тарқалмақта. Тийкарында бул дәстүр Батыс жәмийетлеринде өз-ара муҳаббат ҳәм неке усынысын рәсмийлестириў, оны романтикалық тәризде анлатыў жолы сыпатында қаралады. Бирақ, бүгинги күнде бул мәресим бизде де ғалаба ен жайып, айырым жағдайларда той мәресиминиң “мәжбүрий бөлеги” сыпатында қабыл етиле баслады.
Бирақ бул жаңаша мәресим бизиң мәдениятымыз, қәдириятларымыз ҳәм турмыслық философиямыз бенен үйлесе ме? Ямаса бул тек ғана көринис, контент ҳәм шоу ушын жаратылып атырған жалған байрам ба?
Батыста “Marry me“ – бул жуплық ортасындағы шешиўши басқыш, яғный неке усынысы. Әдетте, бул ўақыя еле той режелери дүзилместен алдын, келешектеги шаңарақ қурыў ҳаққындағы биринши исенимли қәдем сыпатында исленеди. Бул – бир инсанның екиншисине болған исеними, муҳаббаты ҳәм садықлығын рәсмий ҳәм жеке түрде билдириў мәресими. Ең әҳмийетлиси, бул мәресим жеке ҳәм ишки сезимлер тийкарында жүз береди. Ғалаба түрде ен жайдырыў ямаса “көрсетиў” ушын емес.
Өзбек жәмийетинде “Marry me“ мәресими көбирек кеўил ашар түске ийе болмақта. Той анық болғаннан кейин, келин ҳәм күйеўдиӊ атқарыўында арнаўлы шоу сыпатында шөлкемлестириледи. Көпшилик жағдайларда ол социаллық тармақларда тарқатыў, видеоға түсириў, эстетикалық безеўлер менен байытыў ҳәм мийманлардың көриўи ушын әмелге асырылады. Бундай жағдайда мәресимниң тийкарғы философиясы шын жүректен берилген неке усынысы жоғалғандай болады.
Буннан да жаманы айырым жағдайларда бул мәжбүрий “трендке ерисиў” басымы астында әмелге асырылмақта. Сонда бул мәресим жуплық ушын эмоционаллық, терең, турмыслық ҳәдийседен гөре, әпиўайы ғана гезектеги декоратив байрамға айланады.
“Marry me“ мәресиминиң бундай тәризде шоуға айланыўы жәмийетте гейде унамсыз ақыбетлерге де алып келмекте. Мысалы, жағдай жасалма болып қалады, жуплықлар арасында ҳақыйқый сезимлер орнына сыртқы көриниске итибар күшейеди. Ҳәр бир той алдынан “Marry me“ ислеў мәжбүрият сыпатында қаралады. Қаржы жумсалыўы да тийкарсыз артады. Мазмунсыз мәресимлер ушын үлкен бюджет ажыратылады.
Усы жерде, ҳәр бир “Marry me“ мәресимин толық жасалма деп айтыў да әдалатсызлық болар еди. Айырым жуплықлар бул мәресимди жыллар даўамында қәлиплескен мүнәсибетлерин беккемлеў, естелик сыпатында мәңгилестириў ямаса жақынларына шын кеўилден сезимлерин билдириў ушын әмелге асырмақта. Бундай жағдайларда мәресим формасы қандай болыўына қарамастан, мазмун үстин болып қалады.
“Marry me“ – бул бизиң әййемнен бар той дәстүрлеримиздеги “пәтия”, “жаўшылар жибериў” сыяқлы мәресимлерге уқсамайтуғын, пүткиллей басқа тарийхый ҳәм мәдений тамырға ийе болған ҳәдийсе. Оны көзсиз қабыл етиў емес, ал терең таллаў зәрүр.
Ең әҳмийетли тәрепи – бул мәресим жуплық арасындағы садықлық, меҳир ҳәм турмыслық қарарларының тымсалы болыўы, тек ғана социаллық тармақ контенти емес. Солай екен, “Marry me“ ислеўден алдын, өзимизге сораў берейик: бул бизиң жеке қәлеўимиз ушын ба ямаса басқалардың итибары ушын ба?
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА