“Өзбекстан менде жасайды” миллий контентлер таңлаўына старт берилди

141

Жаслар ислери агентлиги ҳәм Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы тәрепинен мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен сыйлық қоры 170 миллион сум болған “Өзбекстан менде жасайды” миллий контентлер таңлаўына старт берилди.

Ўатанға муҳаббат, қәдириятлар, ўатанға меҳир сәўлеленген креатив фотолар топламы ямаса видеоконтентлерди кеңнен додалаў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўда жеңимпазлар “Ең жақсы видеоролик”, “SI жәрдеминде таярланған ең жақсы видеоролик”, “Ең көп даўыс жыйнаған видеоролик” ҳәм “Ең жақсы сүўретлер топламы” номинацияларында анықланады.

Таңлаў жеңимпазлары төмендегише сыйлықланады. Соның ишинде, “Ең жақсы видеоролик” номинациясы бойынша 1-орынға 30 миллион сум, 2-орынға 20 миллион сум ҳәм 3-орынға 15 миллион сум бериледи.

“SI жәрдеминде таярланған ең жақсы видеоролик” номинациясы бойынша 1-орын 20 миллион сум, 2-орын – 15 миллион сум, 3-орын – 10 миллион сум менен хошаметленеди.

Сондай-ақ, “Ең жақсы сүўретлер топламы” номинациясы ушын 1-орынға 10 миллион сум, 2-орынға 8 миллион сум, 3-орынға 5 миллион сум бериледи.

“Ең көп даўыс жыйнаған видеоролик” номинациясы бойынша болса 1-орын ушын 15 миллион сум, 2-орын ушын 12 миллион сум, 3-орын ушын 10 миллион сум ажыратылады.

Таңлаўда жумыслар төмендеги критериялар тийкарында баҳаланады:

-теманың мазмун-мәниси ашып берилгенлиги,

-сүўрет, даўыс ҳәм монтажлаў жумысының сапасы,

-автордың контент жаратыўдағы өзине тән дөретиўшилик көзқарасы, -креативлиги,

-жумыстың плагиат емеслиги,

-контенттиң барлық категориядағы пайдаланыўшылар ушын мөлшерленген болыўы,

-видеороликлерде жасап атырған аймағы ҳаққында қатнасыўшының тиккелей өзи айтып бериўи,

-жиберилген жумыслар алдын ҳеш жерде жәрияланбаған болыўына да әҳмийет бериледи.

Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, видеороликлер 60 секундтан аспаўы шәрт. Таңлаўда қатнасыўшылардың жасы шекленбеген.

Гулноза Бобоева,

ӨзА