Енди “Жаңа Өзбекстан” университетиниң баҳалаў системасы басқа жоқары оқыў орынларында да жолға қойылады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары оқыў орынлары питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша кеңейтилген мәжилис даўам етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы ректорлардың ўәкиллигин кеңейтиў ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша жаңа система енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Енди “Жаңа Өзбекстан” университетиниң баҳалаў системасы басқа жоқары оқыў орынларында да жолға қойылады.
Қаржыландырыў жоқары оқыў орынлары топлаған балларына қарап әмелге асырылады.
Жоқары оқыў орынларына питкериўшилердиң бәнтлигине қарап – 40 балл, илимий изертлеўлер ушын тармақ буйыртпасы ҳәм өнимин сатыўына қарап – 30 балл, илимий потенциалы, тән алынған халықаралық журналлардағы мақалалары ушын – 20 балл; изертлеўлер ушын тартқан жергиликли ҳәм сырт ел гранты ушын 10 баллға шекем бериледи.
Мәселен, Қаршы техника университети жәми баллардың 85 процентин топласа, быйылғы бюджеттен берилип атырған 78 миллиард сумға қосымша 20 процентлик бонус бериледи. Егер 56 проценттен аз топласа, кейинги оқыў жылына қаржыландырыў қысқарады.
Миллий университет, Ирригация сыяқлы илимий жоқары оқыў орынлары, Мәденият ҳәм көркем өнер, Консерватория сыяқлы социаллық жоқары оқыў орынларын техника бағдарындағы әмелий жоқары оқыў орынлары менен теңлестирип болмайтуғыны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен жуўапкерлерге рейтинг өлшемлерин ислеп шығыўда буны да есапқа алыў тапсырылды.
ӨзА