Питкериўшисиниң ярымынан көбисин жумысқа орналастырған “карьера орайы”на жоқары оқыў орны қорынан 500 миллион сум сыйлық бериледи

185

Таллаўлар көрсеткениндей, бюрократия себепли жеке меншик сектор бос орынларды көрсетиўден мәпдар емес.

Сонлықтан, жоқары оқыў орны питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша жеке меншик сектор ушын қолайлы болатуғын система жаратылатуғыны белгиленди.

Буның ушын Исбилерменлер рейтингинде өз алдына көрсеткиш қосылады.

Онда исбилерменлер өзиндеги бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматларды қәнигелик бағдары менен киргизеди.

Платформаға жоқары оқыў орынлары да жалғанып, жоқары оқыў орнының “карьера орайы” питкериўшини бос орны бар кәрхана менен байланыстырып береди.

Ең әҳмийетлиси, питкериўшини жумысқа алғаны ушын исбилерменге қосымша балл бериледи.

Питкериўшисиниң ярымынан көбисин жумысқа орналастырған “карьера орайы”на жоқары оқыў орны қорынан 500 миллион сум сыйлық бериледи.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары оқыў орынлары питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша кеңейтилген мәжилис даўам етпекте.

 

ӨзА