Инвестор талабына сай болған питкериўшилер кепилликли жумысқа алынатуғын система жаратылады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары оқыў орынлары питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша кеңейтилген мәжилис даўам етпекте.
Ендигиден былай баҳасы 1 миллион доллардан, жумысшылар саны 50 ден жоқары жойбарлар техникалық-экономикалық тийкарда тараўлар ҳәм бағдарлар кесиминде қәнигелерге талап көрсетиледи.
Усы тийкарда жуўапкер министр ҳәм тармақ басшысы жоқары оқыў орынларына буйыртпа жайластырып, кадрларды мақсетли таярлаўды жолға қояды.
Онда ректорлар буйыртпа тийкарында оқып атырған студентлер ушын тийкарғы пәнлерден тысқары қосымша билимлендириў модульлерин енгизеди. Усы модульлерди оқыған студентлерге кредит баллары бериледи.
Студентлердиң билимин екинши курстан кейин оларды жумысқа алмақшы болған инвестор қатнасыўында ҳәр жылы баҳалап барылады. Студент диплом жумысын жойбарда қойылған мәселелерден келип шығып, қорғайды.
Бир сөз бенен айтқанда, инвестордың талабына сай болған питкериўшилер инвестор тәрепинен кепилликли жумысқа алынатуғын система болады.
ӨзА