Қырқ жоқары оқыў орнына финанслық еркинлик берилгени бүгин өз нәтийжесин бергени атап өтилди

Мәселен, экономика, юридикалық, медицина, тиллер ҳәм педагогика бағдарындағы жоқары оқыў орынларының жетерли қаржысы бар. Бирақ ең әҳмийетли болып турған аўыл хожалығы, ветеринария, инженерлик, анық ҳәм тәбийғый пәнлер (SТЕМ) бағдарындағы айырым жоқары оқыў орынлары дәрамат табыўға үйренбей атырғаны, жаслар ушын тартымлы емес екенлиги көрсетип өтилди.
Президентимиз “тармақ – кәрхана – жоқары оқыў орны” шынжырын жолға қойыўды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Бул бағдарда 25 инженерлик жоқары оқыў орны бирге ислесиўши кәрханаларда 438 кафедра ашты. Мәселен, нефть-газ тармағы билимлендириў-өндирис кластерлерин шөлкемлестирди. Бухара техника университети болса нефть-газден тысқары және 10 кәрханада 20 кафедра филиалының жумысын жолға қойды.
Бухара ўәлаятында жақын жылларда ири газ-химия комплексиниң иске қосылыўы күтилмекте. Сырт ел компаниялары тәрепинен Үстирттеги жаңа жойбарлар бойынша жумыслар басланған.
Президентимиз бул қуўатлықларға қәнигелер қай жерде таярланады, илимий излениўлер ким тәрепинен алып барылады, деген сораўларға ҳәзирден-ақ жуўап табыў керек екенлигин атап өтти.
ӨзА