Өзбекстан ўәкиллери Қытайдың Бажыхана хызметиниң “Алашанькоу” еркин саўда зонасының жумысы менен танысты

«Бир мәкан – бир жол» басламасы әмелде
Қытайдың “Алашанькоу” еркин саўда зонасы арқалы Өзбекстаннан тийкарынан кептирилген мийўелер импорты әмелге асырылмақта, деп хабар бермекте “Дунё” МА.
Хабарда жазылыўынша, бул экономикалық зонада Қытайға алып кирилип атырған ҳәм экспорт етилип атырған өнимлерди жеткерип бериў, он түрдеги өнимлерге сертификатлар бериў, бажыханаға байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм логистика хызметлери бойынша әмелий жәрдем көрсетиледи.
Сондай-ақ, экономикалық зонада исбилерменлер тәрепинен бир неше ири қоймаханалар шөлкемлестирилген. Олар өнимлерди сақлаў, жүклеў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириўге жәрдемлеседи.
Бул ири комплекс 2011-жылы «Бир мәкан – бир жол» басламасы шеңберинде шөлкемлестирилген. Бул жерден өнимлер Қытайдан Европаға ҳәм Қытайдан Орайлық Азия мәмлекетлерине, соның ишинде, Өзбекстанға жеткерип бериледи.
Өнимлер тийкарынан поезд ҳәм жүк автомобильлеринде тасылады. Атап айтқанда, 2024-жылы поезд арқалы 7684 тасыўлар әмелге асырылды. Бул санлар 2023-жылға салыстырғанда дерлик 16 процентке көп. Сондай-ақ, сырт елден кирген 40 миллион тонна өним Қытай аймақларына жеткерип берилген.
«Өзбекстаннан тийкарынан кептирилген мийўелер ҳәм таўық аяқлары экспорт етилмекте, – деди Алашанькоу қаласы ҳәкиминиң орынбасары Шу Шенг Чианг. – Бул санлар жүдә аз. Олар еки мәмлекеттиң потенциалына жуўап бермейди. Биз өзбекстанлы исбилерменлер менен шерикликти кеңейтиўге таярмыз. Өзбекстанлы шериклеримиздиң усынысларын тыңлаўға ҳәм оларға Қытай базарларына кириўине жәрдем бериўимиз мүмкин. Мәселен, биз палды Россиядан алып келип атырмыз. Билиўимше, Өзбекстан палы да жүдә мазалы ҳәм өтимли. Өзбекстан исбилерменлери пал өнимлерин заман талаплары тийкарында қадақлап экспорт етсе, биз олар ушын Қытай базарынан қарыйдар табыўға жәрдемлесемиз,” – деди Алашанькоу қаласы ҳәкиминиң орынбасары Шу Шенг Чианг. “Алашанкоу” еркин саўда зонасы менен танысыў даўамында өнимлер сақланып атырған қоймаханалар, жүклерди түсириў, қадақлаў ҳәм жүклеў хызметлери көзден өткерилди», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги