Өзбекстан Орайлық Азияда логистика орайына айланбақта

166

мүнәсибет

Соңғы сегиз жылда Өзбекстан заманагөй транспорт коридорлары ҳәм логистика шешимлерин раўажландырыў бойынша халықаралық ҳәрекетлерде белсене қатнаспақта. Мәмлекетте турақлы транспорт-логистика инфраструктурасын қәлиплестириў, саўда бағдарларын диверсификациялаў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша комплексли илажлар нәтийжели әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, усы жылы бирге ислесиўшилер менен “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылысы басланды, “Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Түркия” транспорт коридоры арқалы жүк тасыў көлеми сезилерли дәрежеде артты. Халықаралық транспорт коридорлары ҳәм инфраструктурасын жедел раўажландырыў ушын өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлер даўам етпекте. Буны “Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан” темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм оны қурылып атырған “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол магистралы менен тутастырыў жойбары мысалында да көриў мүмкин.

Өзбекстан Президентиниң Түркменбашы қаласындағы “Аваза” миллий туризм аймағында болып өткен БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясына қатнасыўы ҳәм онда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған усыныс ҳәм басламалар келешекте халықаралық бирге ислесиўдиң раўажланыўына және Орайлық Азияда тынышлық ҳәм абаданлықты беккемлеўге үлкен үлес қосатуғыны менен және де әҳмийетли болып есапланады.

Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң көп векторлы транспорт стратегиясы әлле қашан өзиниң анық нәтийжелерин бере баслаған. Транзит көлеми артып бармақта, Өзбекстанның Евроазия тийкарғы логистика орайы сыпатындағы роли беккемленбекте. Теңизге тиккелей шығыў имканияты жоқ екенине қарамастан, мәмлекет географиялық шеклеўлерди табыслы жеңип, оларды глобаллық жәҳән экономикасына интеграциялаў жолында стратегиялық үстинликке айландырмақта.

Соның ишинде, 2025-жыл апрель айында Самарқандта болып өткен “Европа Аўқамы – Орайлық Азия” саммитинде жаңа стратегиялық “жол картасы” қабыл етилген еди. Оның мақсети де регионның ЕА менен транспорт ҳәм шийки зат интеграциясын күшейтиў ҳәм Транскаспий коридоры арқалы дүнья базарларына қәўипсиз шығыўды тәмийинлеўден ибарат. Сонлықтан, бул мақсет ҳәм “жол картасы” да Аваза сиясий декларациясына үнлес болып есапланады.

Соның менен бирге, Түркменстанда өткерилген ушырасыўлар Орайлық Азия мәмлекетлери ушын әҳмийетли ўақыя болды. Бул ушырасыўларда регион жетекшилери өз-ара сөйлесиў алып барды ҳәм бул арқалы қоңсышылық, экономикалық бирге ислесиў ҳәм қәўипсизлик бағдарындағы қатнасықлар және де беккемленди. Әне, усындай сапар етиўлер арқалы биз, региондағы қоңсы мәмлекетлер, бир-биримизди жақсы түсинемиз ҳәм келешектеги раўажланыў ушын улыўмалық бағдарларды белгилеп аламыз. Усы көзқарастан қарағанда, Әзербайжанның бул сөйлесиўлерге қосылыўы оғада үлкен әҳмийетке ийе. Себеби ол тек ғана қоңсы мәмлекет емес, ал регионда да әҳмийетли экономикалық орынға ийе бирге ислесиўши болып есапланады.

Себеби, Әзербайжан менен бирге ислесиў еллеримиздиң экономикалары бир-бирин толықтырып, өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў имканиятын береди. Атап айтқанда, аймақлық инфраструктураларды биргеликте қурыў арқалы товарлар айланысын көбейтиў, алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм енгизиў арқалы аўыл хожалығын нәтийжели раўажландырыў мүмкин.

Улыўма алғанда, Аваза конференциясында Өзбекстан жетекшиси тәрепинен логистика тараўын раўажландырыўға байланыслы анық басламалардың алға қойылыўы Орайлық Азия, атап айтқанда, теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер ушын стратегиялық әҳмийетке ийе жойбарлар болып есапланады. Сол себепли, Түркменстанда өткерилген ушырасыўларды тек ғана әмелий сапар емес, ал келешекке қаратылған, анық мақсетлер тийкарында қурылып атырған бирге ислесиўдиң айқын үлгиси, деп айтыў мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, биз бир-биримизди қоллап-қуўатласақ, бирге ислесиўди беккемлесек ҳәм улыўма мәплерди гөзлесек Орайлық Азия ҳәм оған тутас мәмлекетлер турақлы ҳәм раўажланған регионға айланады.

Гулнорахон АБДУВОҲИДОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының

Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер комитетиниң ағзасы.

ӨзА