Халықаралық дайджест (+видео)

176

“Ҳизбуллоҳ” Ливан ҳүкиметиниң қурал-жарақ үстинен мәмлекет монополиясын орнатыў қарарын бийкарлап, қуралсызланыў талабын тән алмады. Бул ҳаққында BBC хабар берди. Ҳәрекет Ливан ҳүкиметиниң бул қарарына 6-август күни “Биз бул қарарды болмағандай етип қабыл етемиз. Бул үлкен гүнаға тең” деп мүнәсибет билдирген.

Қубла Африкада өгиз америкалы миллионер Эшер Уоткинсти аң аўлаў сапары ўақтында шақы менен сүзип өлтирди. Бул ҳаққында New York Post хабар берди. Ўақыя Лимпопо ўәлаятында жүз берген. 52 жасар миллионер салмағы дерлик 1,5 тонна болған буғаны атпақшы болған. Бирақ тосаттан ҳайўанның ҳүжим етиўи ақыбетинде қайтыс болған. Буға күтилмегенде үлкен тезликте еркекке қарай атылып, шақлары менен бир соққыда оны өлтирген.

АҚШ президенти Дональд Трамп Россия басшысы Владимир Путин менен келеси ҳәптеде ушырасыўы мүмкин екенин билдирди. Оған бола, ушырасыўда Украинадағы урысты тамамлаў мәселеси көрип шығылады. Бул ҳаққында CNN хабар берди. Трамптың мәлим етиўинше, Путин менен АҚШтың арнаўлы ўәкили Стив Виткоф арасында Москвада болған ушырасыў нәтийжели болған, бирақ анық жетискенликлерге ерисилмеген. АҚШтың мәмлекетлик хаткери Марко Рубио бул ушырасыўдан соң Россияның тынышлық келисими ушын шәртлери бар екенин және де анығырақ түсингенин билдирген.

Газаның ҲАМАС ҳәрекети тәрепинен 2023-жыл 7-октябрь күни Израильға әмелге асырылған ҳүжимде аман қалғанлар ҳәм қайтыс болғанлардың туўысқанлары Meta компаниясын судқа берди. Бул ҳаққында Arab News хабар берди. Даўа етилиўинше, компанияның Instagram ҳәм Facebook социаллық тармақлары сол күнги ҳүжимди жанлы эфирге узатқан. Бул даўа Тел-Авив округлик судына тапсырылған болып, онда тармақлар “зорлық-зомбылықты жанлы эфирде көрсетиў қуралына айланғаны” ушын айыпланбақта. Жуўапкер сыпатында тилге алынған Meta дан шама менен 1,17 миллиард доллар муғдарында пул талап етилген.

АҚШтың Пенсилвания штатында 22 жасар Жейкоб Бакли президент Дональд Трампты өлтириў менен қорқытқанлықта айыпланды. Бул ҳаққында Centre Daily Times хабар берди. Айыплаўға жигиттиң TikTok социаллық тармағында жазған постлары себеп болды. Ол 2025-жыл 16-январь күни, Трамп еле сайланған президент статусында болған ўақытта, оған ҳәм оның тәрепдарларына қарсы қәўетерли постлар жайластырған.

Қубла Корея прокуратурасы бурынғы биринши ханым Ким Қубла Корея прокуратурасының бурынғы биринши ханымы Ким Кон Хиди қамаққа алыў ушын судқа мүрәжат етти. Бул ҳаққында Reuters хабар берди. Атап өтилиўинше, прокурорлар бул ҳаққында 7-август күни мәлим еткен. Оған шекем бурынғы биринши ханым коррупцияда айыпланып тергеўде болып атырған еди. Ҳәзирги ўақытта, прокуратура қамаққа алыў ордери менен байланыслы толық мағлыўмат бермеди. Кимниң адвокатлары оған қойылған айыплаўларды бийкарламақта.

Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА