WhatsApp 6 миллион 800 мың пайдаланыўшыдан ўаз кешти

Усы жылдың биринши ярымында Мета компаниясы “WhatsApp” мессенджери арқалы дүнья бойлап пайдаланыўшыларды нышанға алған алдаўшыларға байланыслы 6,8 миллион аккаунтты анықлап, өширип таслады.
Рәсмий билдириўге бола, бул аккаунтлардың көпшилиги Қубла-Шығыс Азиядағы шөлкемлескен жынаят орайлары менен байланыслы болып, айырым жағдайларда мәжбүрий мийнет арқалы жүргизилген.
Мета бул мағлыўматты пайдаланыўшылар ушын жаңа қарсы алдаўшылық илажы енгизилип атырғаны менен түсиндирди. Жаңа қәўипсизлик системасы байланыс мәнзили дизиминде жоқ пайдаланыўшы сизди топарға қосқанда ескертиў береди.
Бул илаж соңғы ўақытта кең тарқалған алдаўшылық системасына қарсы гүресиўге қаратылған. Онда жынаятшы белгили бир аккаунтты өзлестирип алады яки қәлбеки инвестиция сызылмасы менен байланыслы топарға қосып, алдаўға урынады.
Атап өтилгениндей, “WhatsApp” бул аккаунтлардың көпшилигин алдаўшылар толық пайдаланыўға үлгермей турып анықлап, блоклап қойған.
Мысалы, Мета ҳәм “ChatGPT” ислеп шығарыўшысы “OpenAI” менен биргеликте Камбоджадағы бир алдаўшылық системасы ашылған. Жәбирлениўшилерге социаллық тармақта мақуллаў (лайк басыў) арқалы пул табыў усыныс етилген. Тийкарында, бул жалған финанслық пирамида еди.
Әдетте алдаўшы қурбанына дәслеп СМС-мүрәжат жоллайды, соң байланысты социаллық тармақ яки мессенджер арқалы даўам еттиреди. Көбинесе алдаў процеси крипто ямаса төлем платформасында жуўмақланады.
– Егер алдыннан төлем талап етилип атырған болса, бул алдаўшы усыл болыў итималы жүдә жоқары, – делинеди Мета баянатында. Компания Қубла-Шығыс Азия, атап айтқанда, Мьянма, Камбоджа ҳәм Таиландта жумыс алып барып атырған алдаўшылық орайлары қәўпинен ескерткен. Бул орайлар адамларды алдаў жолы менен жаллап, мәжбүрий алдаўшылық пенен шуғылланыўға тартыў жағдайлары ушыраспақта.
Аймақлық рәсмийлер халықты сергек болыў, “WhatsApp” еки басқышлы аутентификация (two-step verification) функциясынан пайдаланыўға шақырмақта.
Метаның соңғы ҳәрекетлери санлы алдаўшылыққа қарсы глобал гүресте әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланбақта. Қәнигелердиң пикиринше, пайдаланыўшының жеке абайлылығы ҳәм санлы саўатлылығы бул бағдарда елеге шекем шешиўши фактор болып қалмақта.
ӨзА