Баланың тәлим-тәрбиясы ҳәм денсаўлығына жуўапкерлер өз ўазыйпасын орынламаса, жуўапкер болады (+видео)

Нызам жойбарына шолыў
Елимизде балалар ҳуқықларын қорғаў, олардың тәлим-тәрбиясы ҳәм денсаўлығын сақлаўға тийкарғы әҳмийет қаратылады. Әсиресе, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.
Жақында парламенттиң төменги палатасында биринши оқыўда қабыл етилген “Балаларды социаллық қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары бул бағдардағы жумысларды системаластырыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болады.
Бул нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар ҳаққында депутат Умида Раҳмонова толық айтып берди:
– Өзбекстанда жас өспиримлердиң ҳуқықларын тәмийинлеў жыл сайын жетилисип бармақта. Себеби миллетимиз әзелден балажан халық. Ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың билим алыўы, тәрбияланыўы ҳәм денсаўлығын сақлаўдың кепиллигин де мәмлекет өз мойнына алған. Бул Конституциямызда да белгилеп қойылған.
Балаларды социаллық қорғаў системасын жақсылаўға қаратылған бул нызам жойбары менен әне, усындай балалардың ҳуқықларын қорғаў мәселеси нәзерде тутылмақта.
Әмелиятта жас өспиримлердиң ҳуқықлары менен ислесетуғын оғада көп шөлкемлер бар. Бир шөлкем жас өспиримлерди қәўендерликке бериў менен, басқа бир шөлкем болса билимлендириў, тәрбиясы яки денсаўлығы менен шуғылланған. Мине, усы бөлек-бөлек системаны улыўмаласқан бир системаға бирлестириў усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигине жәрдем береди.
Усы мақсетте жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды анықлаў, дизимге алыў ҳәм оларды мүнәсип тәризде жайластырыў ўәкиллиги Социаллық қорғаў миллий агентлигине жүкленбекте. Жас өспиримлерге ғамхорлық ҳәм қәўендерликти белгилеў усы ўақытқа шекем ҳәкимлердиң мойнында еди. Енди болса бул ўәкиллик “Инсан” социаллық хызметлер орайларының директорларына берилмекте.
Сондай-ақ, балаға тәрбия, билимлендириў ҳәм медициналық хызмет көрсетиў бойынша жуўапкер шахс өз ўазыйпасын орынламаса, ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте. Өзине жүкленген миннетлемени зәрүр дәрежеде орынламағаны ушын қайырқомлық, қәўендерлик яки тутынған ата-аналық ўазыйпаларын орынлаўдан шетлетилген шахсларға балалар перзентликке берилмеўи ҳәм олар қайырқом ямаса қәўендер етип тайынланбаўы нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, педагоглар жас өспиримлерге тәлим-тәрбия бериў бағдарындағы миннетлемелерин орынламағаны ушын бир жыл даўамында қайта ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған жағдайда олардың билимлендириў шөлкемлеринде педагогикалық жумыс пенен шуғылланыўы қадаған етилмекте.
Улыўма, нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар бала ҳуқықларын кепиллеў, олардың саламат ҳәм бәркамал болып өсиўине хызмет етеди.
ӨзА