Дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди

218

Жаслардың тәрбиясы, олардың келешекте саламат шаңарақ қурыўы ҳәм жәмийетте өз орнын табыўы бүгинги күнде әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Әсиресе, ерте турмысқа шығыў ҳәм ерте неке менен байланыслы жағдайлардың алдын алыў, жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың әҳмийети үлкен. Усы мақсетте Беруний районында профилактикалық илаж шөлкемлестирилди.

Наўайы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 47-санлы улыўма билим бериў мектебинде усы мәселелерге бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти. Онда мектеп оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Илажда район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери ҳәм мектеп жәмәәти қатнасып, жазғы дем алыс дәўиринде перзентлерди қадағалаўсыз қалдырмаў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықларға араласпаўын тәмийинлеў ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз болды.

Бул илаж жас өспиримлер арасындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жаслардың санасында ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў, шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў жолындағы ҳәрекетлердиң бир бөлеги болып есапланады. Орынларда усындай профилактикалық илажлардың турақлы өткерилиўи келешекте жәмийеттеги турақлылыққа хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги