Мақсет – исбилерменлик орталығын жақсылаў

Бүгинги күнде исбилерменликти раўажландырыў, тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын тыңлаў ҳәм шешиў жәмийетти раўажландырыўдың тийкарғы әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Усы мақсетте Әмиўдәрья районында исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў шөлкемлестирилди.
Өткерилген бул ушырасыўда район ҳәкими С.Хўжаметов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппараты Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң бас инспекторы Е.Досанов, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артиков, район прокуроры Б.Машарипов, район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳәким жәрдемшилери, тийисли шөлкемлердиң басшылары, коммерциялық банклердиң ўәкиллери ҳәм белсенди исбилерменлер қатнасты,- деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Сөйлесиў еркин руўхта, ашық ҳәм қызғын түрде өтти. Исбилерменлер өзлерин қызықтырған сораўлар, жумысларында ушырасып атырған тосқынлықлар ҳәм машқалалар бойынша тиккелей жуўапкерлерге мүрәжат етиў имканиятына ийе болды.


Бундай ушырасыўлар исбилерменлик орталығын жақсылаў, жумыс алып барыўда жүзеге келип атырған тосқынлықларды сапластырыў ҳәм аймақтағы экономикалық өсиўге үлес қосыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги