Жекке өзгешеликтиң үш жолы

159

Инсан қалай пикирлейди, қалай ҳәрекет етеди ҳәм басқалар менен қандай мүнәсибетте болады? Усы сораўлар әййемнен психология пәниниң орайында болып келген. Шахс типлерин анықлаў арқалы инсанның өзин-өзи аңлаў дәрежеси артады, жәмийеттеги орнын анықлаў аңсатласады. Әсирлер даўамында инсан шахсы еки тийкарғы түрге бөлип үйренилип келинди – экстроверт ҳәм интроверт. Бирақ соңғы он жыллықлар даўамында бул екилик классификацияға жуўап бермейтуғын, өзине тән үшинши тип – амбиверт шахсы да илимий шеңберлерде айрықша орынға ийе бола баслады.

Көпшиликке белгили, экстровертлер тәбиятынан ашық ҳәм тез қарым-қатнасқа кирисетуғын адамлар болып есапланады. Олар ушын энергия дереги тийкарынан сыртқы орталық, яғный адамлар, ўақыялар, белсендилик болып табылады. Экстровертлер тез пикирлеў ҳәм қарар қабыл етиў, сезимлерин ашық билдириў қәсийетине ийе. Олар ҳәрекетшең, басламашы ҳәм көпшилик арасында өзин еркин сезеди. Бундай шахс ийелери лидерлик, саўда, билимлендириў, хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларда табысқа ериседи.

Интровертлер болса өзиниң ишки дүньясына терең сүңгиўши шахслар болып табылады. Олар көбирек жалғызлықты ҳәм тыныш турмысты абзал көреди. Сөйлесиўде абайлы, таңлап алынған сәўбетлеслер менен терең байланысты жақлайды. Интровертлер сезимлерин жасырыўға бейим. Бундай инсанлар көбирек жазыўшылық, илимий излениў, дизайн, аналитикалық кәсиплерде табысқа ериседи.

Амбиверт типтеги инсанлар болса жоқарыдағы еки дүнья ортасында жайласқан. Заманагөй психологияда үйренилип атырған ең әҳмийетли түсиниклерден бири амбивертлик. Амбиверт – бул экстроверт ҳәм интроверт белгилерин өзинде үйлесимли сақлайтуғин, жағдайларға қарап өзин бейимлестире алатуғын шахс түри. Олар сыртқы ҳәм ишки орталықтан бирдей энергия алады. Сөйлесиўден заўық алады. Бирақ ҳәдден тыс шаўқымнан шаршайды. Жалғызлықты қәдирлейди ҳәм соның менен бирге, жәмийет пенен байланысларды да умытып қоймайды. Сөйлесиўшиге қарап ашылады ямаса тартынады. Қарар қабыл етиўде сезим де, пикир де тең салмақлықта болады. Сондай-ақ, амбивертлер стрессти басқарыў, жәмәәтте ислеў ҳәм жетекшиликте нәтийжелирек болыўы анықланған. Бул соны көрсетеди, заманагөй жәмийетте абсолют экстровертлик ямаса интровертлик жетерли емес, бейимлесиўшеңлик – табыс гиреўи.

Ҳәзирги социаллық-экономикалық орталық – жедел, шаўқымлы ҳәм өзгермели. Ҳәр күни адамлар онлаған шахслар менен байланыста болады. Лекин, соның менен бирге ишки тең салмақлыққа да мүтәж. Мине усындай жағдайда амбивертлер төмендеги себеплерге бола үстинлик етеди: ҳәр қандай жәмәәтке сиңип кете алады ҳәм сыртқы басымға берилместен, ишки сезим менен дурыс жол таңлайды. Амбиверт типтеги инсанлар ҳәр бир инсан менен өзине тән тәризде байланыс орната алады.

Улыўма алғанда, жеке типлерди бир-бирине толық қарама-қарсы емес, ал толықтырыўшы деп түсиниўимиз мүмкин. Көбинесе адамлар өзин тек бир типке тийисли деп есаплайды. Бирақ заманагөй психологиялық жақынласыўлар соны көрсетеди, шахслар турақлы ҳәм қатаң қәлиплерде емес. Инсан өзин-өзи тәрбиялаў, тәжирийбе арттырыў ҳәм турмыслық орталық тәсиринде өзиниӊ шахслық қәсийетлерин өзгертиўи мүмкин. Усы көзқарастан қарағанда амбивертлик – бул тек ғана үшинши тип емес, психологиялық раўажланыў басқышы, яғный тең салмақлы, саналы ҳәм бейимлесе алатуғын шахс дәрежеси болып табылады.

Экстроверт, интроверт ҳәм амбиверт – бул инсан шахсының тәбийғый көринислери. Ҳәр бириниң өзине тән үстин ҳәм әззи тәреплери бар. Бирақ бүгинги өзгериўшең дәўирде, ҳәр қыйлы орталық ҳәм жағдайларға бейимлесиў – тийкарғы психологиялық көнликпе болып бармақта. Соның ушын амбивертлик тек ғана жеке үстинлик емес, ал социаллық табыс гиреўи болып хызмет етеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА