Қытайда жаңа вирус: Бул рет тийкарғы себепши – шыбын

171

Қытайдың қубласындағы Фошан қаласында мыңлаған адам “чикунгуня” аты менен тарқалған вирусқа шалынды. Ҳүкиметтиң рәсмий мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытқа шекем 7 000 нан аслам жағдай анықланған. Вирус жуқтырғанлардың саны әсте-ақырын азаймақта. Соған қарамастан, бул мәмлекет тарийхындағы ең ири эпидемия болыўы мүмкин екенлиги атап өтилген.

– Чикунгуня – шыбын арқалы жуғатуғын кеселлик болып, температура ҳәм буўын аўырыўы менен өтеди, – дейди Оксфорд университетиниң илимпазы Сесар Лопес-Камачо. – Бул вирус алдын Қытайда кең тарқалмаған еди. Сол себепли көпшилик халық бул зыянкеске қарсы иммунитетке ийе емес.

Рәсмийлер қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлерде инсектицид себиў, тармақлы тор орнатыў ҳәм дрон жәрдеминде зыянланған орынларды анықлаў сыяқлы илажларды көрмекте. Көрсетпеге әмел етпеген пуқаралар 1400 долларға шекем жәрийма ҳәм электр тәмийнатын үзиў менен жазаланады.

Айырым аймақларда шыбын личинкасын жейтуғын балық ҳәм вирус тасыўшы шыбынды жейтуғын ири шыбын да иске қосылмақта.

АҚШ Гуандун провинциясы, атап айтқанда Фошан қаласына барып атырған пуқараларға абайлы болыўды усыныс етпекте. Ўақытша наўқаслар ушын мәжбүрий бир ҳәптелик емлеўханада емлениўи енгизилген. Дәслеп еки ҳәптелик үй карантин белгиленди. Бул вирус адамнан адамға өтпеўи себепли ҳәзир бул илаждан ўаз кешилген.

Чикунгуня тарқалыўына күшли жаўын ямаса жоқары температура себеп болады. Ҳүкимет миллий дәрежеде айрықша мәжилис өткерип, эпидемияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы протокол қабыл еткен.

Муслим Зиё, ӨзА