Аралбойында футзалды раўажландырыў мәселеси додаланды

223

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан футзал федерациясы президенти Бекзод Маматқулов пенен ушырасыў өткерди.

Онда мәмлекетимизде футзал спортын буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды.

Ушырасыў алдында соңғы жыллары мәмлекетимизде, әсиресе, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен спорт тараўына кеңнен жол ашылып атырғаны, жаслар арасында спортқа қызығыўшылық күшейип атырғаны айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, командалық спорт түрлери – футбол ҳәм футзалға қызығыўшылық артып, мәмлекетимиз байрағын халықаралық майданларда бәлент көтеретуғын спортшылардың жетисип шығыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылып атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында футбол менен бир қатарда футзалды да орынларда кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслар арасында усы спорт түрин ғалаба ең жайдырыў, ҳәр қыйлы жарыслар шөлкемлестириў арқалы талантларды ашыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен, Өзбекстан футзал федерациясының Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық бөлимин шөлкемлестириў мәселеси де додаланды.

Тәреплер жаратылып атырған имканиятларды есапқа алған ҳалда, Қарақалпақстанда футзалды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша бир қатар анық илажларды белгилеп алды. Атап айтқанда, инфраструктураны жақсылаў, жаслар ушын арнаўлы секция ҳәм курслар ашыў, жергиликли ҳәм республикалық дәрежеде жарысларды жолға қойыў сыяқлы мәселелер тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди.

ӨзА