Өзбекстан ҳәм Индонезия пуқаралық авиациясы тараўында бирге ислесиўди кеңейтпекте

Өзбекстан ҳәм Индонезия авиация структуралары пуқаралық авиация ҳәм зыярат туризми тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша жаңа келисимге қол қойды. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Бул ҳүжжет “Өзбекстан-2030” стратегиясының 2030-жылға шекем ҳаўа қатнаўын төрт есеге арттырыўды нәзерде тутатуғын 53-мақсетин әмелге асырыў шеңберинде қабыл етилди.

Жакартада болып өткен ушырасыўда мәмлекетимиз Транспорт министрлиги делегациясы ағзалары бирге ислесиўши тәрепке республикамызда зыярат туризми ҳәм пуқаралық авиациясын реформалаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. “Умра плюс” бағдарламасын раўажландырыў перспективасы да додаланды.
Сөйлесиў жуўмағында беккемленген авиакомпаниялардың санына байланыслы бурынғы шеклеўлерди бийкар етиўге келисип алынды.

Буннан тысқары, Өзбекстан авиатасыўшылары ушын жаңа есапланған Денпасар, Сурабая, Медан, Ёгякарта, Мажаленгка, Банда Асех, Танжунг Пандан, Ломбок сыяқлы жөнелислер белгилеп алынды.
Тәреплер ҳәр бир мәмлекет ушын рейслер санын ҳәптесине 28 ге жеткериў бойынша келисимге ерисилди. Индонезия авиакомпанияларына Өзбекстандағы барлық халықаралық аэропортлардан пайдаланыўға рухсат берилди.
М.Пирматова, ӨзА