Өзбекстанлылар ярым жыл ишинде қайсы мәмлекетлерге ең көп сапар етти?

203

Соңғы жылларда туризм тек ғана дем алыў ҳәм мәдений алмасыў емес, ал экономикалық белсендиликтиң әҳмийетли көринислеринен бирине айланып бармақта. Глобал пандемиядан кейинги дәўирде дүнья мәмлекетлери арасында транспорт байланыслары тикленди, виза тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылды, көплеген халықаралық жөнелислер ашылды. Бул болса пуқаралардың сырт елге шығыў имканиятын сезилерли дәрежеде кеңейтти.

Өзбекстан да бул процесстен шетте қалмайды. Халықтың турмыс дәрежеси артып атырғаны, сырт елде билимлендириў ҳәм мийнет имканиятларының кеңейиўи, сондай-ақ, диний ҳәм мәдений туризмге болған қызығыўшылықтың күшейиўи нәтийжесинде сырт елге саяхат етиўшилердиң саны жылдан-жылға артпақта. Әсиресе, 2025-жылдың биринши ярымында бул көрсеткиш және де артты.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында туристлик мақсетлерде сырт елге сапар еткен өзбекстанлылардың саны 3,5 миллионға жеткен.

Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 810 мың адамға ямаса 29,7 процентке көп дегени.

Ең көп сапар етилген мәмлекетлер дизими төмендегише:

  1. Қырғыз Республикасына 1 миллион 527 мың 303 адам
  2. Қазақстанға 664 мың 669 адам
  3. Тәжикстанға 631 мың 660 адам
  4. Россияға 230 мың 412 адам

5.Саудия Арабстанына 145 мың 294 адам

  1. Түркияға 102 мың адам
  2. БАӘге 72 мың 729 адам.
  3. Египетке 30 мың 959 адам.
  4. Таиландқа 16 мың 671 адам.
  5. Вьетнамға 16 мың 179 адам.

Бул дизимде қоңсылас республикалар жетекшилик етпекте. Оған себеп транспорт қуралы ҳәм жол аралығы жүдә қолайлы. Көплеген пуқаралар усақлап сатыў, хызмет көрсетиў ҳәм ўақтынша мийнет себепли де барады. Қалаберди, регионаллық тарийхый ҳәм социаллық байланыслылық себеплери менен де тез-тез сапар етиледи.

Россия болса жумыс ҳәм дем алыс мәнзили болып есапланады. Көпшилик өзбеклер ушын бул жер жумыс ҳәм миграция орайы сыпатында хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта, туристлик мәнзиллер Москва, Санкт-Петербург, Сочи ҳәм тарийхый естеликлери себепли дем алыў мақсетинде де таңланбақта.

Саудия Арабстаны диний туризмде жоқары өсиўди көрсеткен. 145 мыңнан аслам пуқара бул мәмлекетке сапар еткени Умра ҳәм Ҳаж зыяратларының көлеми кеңейгенин, ҳүкимет тәрепинен зыяратшыларды шөлкемлестириўшилик жақтан қоллап-қуўатлаў күшейгенин билдиреди.

Түркия өзбекстанлылар ушын тили ҳәм мәдений уқсаслығы, виза режиминиң әпиўайылығы, сондай-ақ, билим алыў имканиятлары менен белгили болмақта. Түркияда санаат әдеўир раўажланғаны ушын көпшилик жергиликли исбилерменлер усы мәмлекеттен товарлар сатып алады ҳәм ишки базарымызда саўда-сатық жумысларын әмелге асырады.

БАӘ болса заманагөй технологиялар, шаңарақлық саяхатлар ҳәм туризм бойынша ең қолайлы бағдарлардан бири болып есапланады. БАӘ де импорт ушын жүдә қолай мәмлекет болып есапланады.

Египет, Таиланд, Вьетнам – бул мәмлекетлерге сапар еткенлер саны еле көп болмаса да, турақлы өсиў бақланбақта. Бул болса өзбекстанлылар енди әжайып мәнзиллерди таңлап атырғаны, саяхат мәденияты раўажланып атырғанын билдиреди. Тур фирмаларының жумысы, сырт ел авиакомпаниялары менен бирге ислесиў ҳәм ғалаба хабар қуралларының үгит-нәсиятлаўы да бул өсиўге хызмет етпекте.

2025-жылдың биринши ярымы өзбекстанлылар ушын сырт елге саяхат етиў бағдарында белсендилик жылы болды.

Бул статистикалық өсиў экономикалық имканиятлар жақсыланғаны, мәмлекетлераралық байланыслар беккемленип атырғаны ҳәм туризм мәденияты кеңейип атырғанын көрсетпекте.

Соның менен бирге, жаңа мәнзиллер, виза жеңилликлери ҳәм халықаралық рейслер санының артыўы бул процессти және де жеделлестиреди.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА