Химия санааты экспорт көлемин ҳәм географиясын кеңейтпекте

«Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийети мәлимлеме хызметине бола, 2025-жылдың январь-июнь айлары даўамында Өзбекстан химия санааты кәрханалары тәрепинен 9,4 триллион сумлық өним ислеп шығарылған.
Бул көрсеткиш тек ғана мәмлекетлик агросанаат комплексиниң мүтәжликлерин қанаатландырыўда емес, ал экспорт потенциалын және де кеңейтиўде де әҳмийетке ийе.
Жылдың биринши ярым жыллығында улыўма 307,4 миллион долларлық химиялық өнимлер экспорт етилди. Бул режеге салыстырғанда 111,3 процент орынланыўын, өсиў пәти болса 135,6 процентти қурады.
Өнимлер 55 мәмлекетке экспорт етилди. Соның ишинде, 167,6 миллион долларлық минерал төгинлер ҳәм 139,7 миллион долларлық химиялық өнимлер жеткерип берилген болып, усы түрдеги өнимлер улыўма экспорттағы ең ири үлеске ийе болды.
Сондай-ақ, экспорт георгафиясы да кеңейип бармақта. Дәстүрий қоңсы мәмлекетлер менен бир қатарда, Европа мәмлекетлерине 63,2 миллион долларлық өним жеткерип берилди. Сондай-ақ, жаңа базарлар сыпатында Қубла Америка (Бразилия, Перу, Чили), Қубла-Шығыс Азия, Түркия, Ҳиндстан ҳәм Иран сыяқлы мәмлекетлер менен де бирге ислесиў жеделлеспекте.
Бул өзгерислер Өзбекстан химия санааты тармағының халықаралық базардағы бәсекиге шыдамлылығы және де беккемленип атырғанынан дәрек береди.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА