Қытайда тарқалған безгек Өзбекстан ушын қәўипли ме – рәсмий мүнәсибет

Қытайда тарқалған чикунгуня безгеги Өзбекстанға қәўип туўдырмайды, бул ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети рәсмий түрде мәлим етти.
Атап өтилгениндей, бул кеселликти тарқатыўшы Aedes aegypti яки Aedes albopictus шыбынлары мәмлекетимиз тәбиятында ушыраспайды.
Комитет тәрепинен мәмлекетимизде эпидемиологиялық турақлылықты тәмийинлеў бағдарында системалы илажлар әмелге асырылмақта, делинеди хабардың жуўмағында.
Алдын Қытайда емлеў имканияты жоқ ҳәм өлимге алып барыўшы чикугуня безгеги тарқалып атырғаны ҳаққында хабар берген едик. Шыбынлар тасыўшы вируслар келтирип шығаратуғын бул безгек буўынларда кескин аўырыў менен өтиўши аўыр неврологиялық ақыбетлерге алып келетуғыны айтылған.
Қытай алымлары жоқарыда айтып өтилген вирус тасыўшы шыбынларға қарсы гүресиў ушын олардың қуртларын (личинкаларын) жейтуғын каннибал шыбынларды жаратқан,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги