ChatGPTʼда “Оқыў режими” – санлы репетиторлық ушын жаңа басқыш

214

OpenAI компаниясы ChatGPTʼ хызметинде пайдаланыўшылардың оқыў процесин жақсылаўға қаратылған жаңа функцияны – “Оқыў режими” (Study Mode)н усынды. Бул режим, әсиресе, билимлерди тереңирек түсиниў ҳәм беккемлеў тилегинде болғанлар ушын мөлшерленген. Енди ChatGPTʼ тек жуўап беретуғын жасалма интеллект емес, ал санлы репетитор сыпатында да хызмет етпекте.

“Оқыў режими” нелерди усыныс етеди?

Жаңа функция пайдаланыўшыларға таяр жуўапты усынғаннан гөре, теманы басқышпа-басқыш таллаў, сораўлар үстинде еркин пикирлеў ҳәм шешим табыўға бағдарлаў имканиятын береди. Бул арқалы пайдаланыўшы өз билимлерин тереңлестиреди ҳәм теманы жақсырақ өзлестиреди.

Режим иске түскенде, ChatGPTʼ пайдаланыўшыдан қайсы усылда үйрениўди абзал көриўи (мәселен, визуал түсиниклер, әмелий тапсырмалар, сораў-жуўаплар арқалы) ҳәзирги билим дәрежеси ҳәм мақсетлерин анықластырыўды сорайды.

Усы тийкарда, жасалма интеллект бейимлесиўшең тәризде үйретиўди баслайды. Пайдаланыўшының үйрениў усылы ҳәм мақсетлерине сәйкес келетуғын усыныслар, сораўлар ямаса тапсырмаларды усыныс етеди.

“Оқыў режими” барлық ChatGPTʼ пайдаланыўшылары ушын бар – бийпул версия, Плус, Про ҳәм Теам тарифлеринде. ChatGPTʼ Edu оқыў версиясына болса бул функция жақын ҳәптелерде қосылады.

OpenAI ўәкиллериниң атап өтиўинше, бул функция оқыўшыларға: үй тапсырмаларын орынлаўда, имтиханларға таярлық көриўде ҳәм жаңа темаларды үйрениўде сезилерли жәрдем береди.

Режим билимлендириў тараўы қәнигелери менен биргеликте ислеп шығылған болып, бул ChatGPTʼти раўажланған оқыў жәрдемшисине айландырыў жолындағы биринши басқыш есапланады. ChatGPTʼ ҳәм оған уқсас технологиялардың енгизилиўи өз тәсирин көрсетпекте. Соның ишинде, ChatGPTʼ иске қосылғаннан соң, Уллы Британияда питкериўшилер ҳәм әмелиятшылар ушын бар болған бос жумыс орынларының саны 31,9 процентке қысқарғаны ҳаққында хабар берилген.

Бул жасалма интеллекттиң билимлендириў ҳәм бәнтлик тараўларына қаншелли күшли тәсир көрсетип атырғанын көрсетеди.

Мадинабону НАСРИЕВА,

Анвархўжа АҲМЕДОВ,

ӨзАның хабаршылары