Сенат Баслығы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң жоқары ўәкили менен ушырасты

Ҳәзирги күнлерде Өзбекстан делегациясы Аваза қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конферненциясы шеңбериндеги илажларда қатнаспақта.
Өзбекстан делегациясы илажларда қатнасыў менен бирге халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм парламентлердиң басшылары менен ушырасыўлар өткермекте.
Соның ишинде, Сенат Баслығы Танзила Норбоева Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң жоқары ўәкили Фатима Рабобханым менен ушырасты.
Фатима Рабобханым Ташкент қаласында өткерилген Парламенлераралық аўқамының 150-ассамблеясын жоқары баҳалап, бүгинги Сенат жумысын дүнья мәмлекетлериниң көплеген парламентлери ушын үлги екенлигин атап өтти.
Кейинги жылларда Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара дослық қатнасықлары ҳәм тығыз қоңсышылық қатнасықлары мәмлекетлер ҳәм регионның раўажланыўы, халықлардың абаданлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлиги айрықша атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында регионымызда сыртқы саўда, транспорт ҳәм коммуникация тараўларындағы имканиятлар ҳәм халықаралық дәрежеде бирге ислесиўди күшейтиў бағдарында перспективалы режелер додаланды.
Сондай-ақ, Турақлы раўажланыў мақсетлеринде белгиленген ўазыйпалар ҳәм БМШтың теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде қабыл етилген ҳүжжетлердиң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги