Өзбекстан ҳәм Португалия арасындағы қатнасықлар кеңеймекте

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева БМШтың теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде Португалия Сыртқы ислер министрлиги мәмлекетлик хаткери Ана Изабель Ксавьер менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда А.Ксавьер ханым Өзбекстанның бүгинги инвестициялық раўажланыў пәтлерин жоқары баҳалады ҳәм еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық қатнасықларды және де кеңейтиўден мәпдар екенлигин билдирди.
Сөйлесиў ўақтында билимлендириў, туризм ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, аймақлараралық қатнасықларды раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, Португалия Европа Аўқамы шеңберинде Өзбекстан менен тығыз бирге ислесип атырған мәмлекетлерден бири екенлиги атап өтилди.
Тәреплер халықаралық шөлкемлер щеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын және де күшейтиў бойынша келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги