Стереотиплер саясында қалып атырған потенциал: Ҳаяллар ҳәм сырт ел билимлендириўи

Пикир
Соңғы айларда социаллық тармақларда кең додалаўларға себеп болып атырған сораўлардан бири – “Сырт елде оқыған қызға үйленер ме едиңиз?” деген сораў болды. Бул сораў, бәринен бурын, тек ғана жеке таңлаў ямаса қызықлы додалаў емес. Ол жәмийетимизде шешилмеген көплеген машқалалар – ҳаял-қызлардың еркинлиги, гендер теңлиги, заманагөй билимге мүнәсибет, халықаралық орталықта тәрбия ҳәм мәденият мәселелери бойынша пикир жүргизиўге мәжбүрлейди. Бундай сораўлар астында жасырынған стереотиплер ҳәм сана асты болжаўлары соншелли кең, оларға бир қарағанда әпиўайы күлки менен қараўымыз, тийкарында терең социаллық машқалаларды ақлаўға тең болып қалмақта.
Сырт елде оқып атырған ямаса билим алып келген қызлар көбинесе өз елиндеги жәмийетте еки тәреплеме басымға ушырайды. Оларға халықаралық қәдириятлар тәсир еткен ҳәм дәстүрий шаңарақ моделине сәйкес келмейди, деп болжанады.
Негизинде болса, сырт елде оқып атырған ҳәр бир ҳаял-қыз – ҳәр қыйлы ойлаў системалары, дин, мәденият, жәмийетке болған қатнаслар менен дусласып атырған шахслар. Бул процесс оған тек ғана академиялық билим емес, ал турмыслық иммунитет, сын көзқарастан пикирлеў ҳәм еркин қарар қабыл етиў қәбилетин де береди. Бирақ өзбек жәмийетинде ҳаял-қызға өз бетинше қарар қабыл етиў қәбилети елеге шекем гүман менен қаралатуғын фактор. Бул болса тийкарғы қарама-қарсылық дереги.
1920-жыллары Түркстан жадидлери ел перзентлерин, соның ишинде, қызларды да сырт елге оқыўға жиберген. 1926-жылы Германияға жиберилген 70 студенттен айырымлары қызлар еди. Бундай мәртлик қәдемлер өз ўақтында билим арқалы миллетти раўажландырыў тәрепдарлары сыпатында қәдирленген еди. Бүгин болса тап усы жолды таңлаған заманагөй қызлар “Сыртқы орталықта бузылған” деген тамға менен баҳаланбақта. Мәселе бундай әпиўайылық пенен баҳаланыўы мүмкин емес. Бул – илимге, қәдириятқа, ҳаял-қызлар ролине болған көзқараслардың өзгериўи ҳаққында.
“Сырт елде оқыған қыз” атамасы жәмийет ой-пикиринде елеге шекем дәстүрий түсиниклер менен қарама-қарсылыққа кириспекте. Негизинде болса сораў басқаша болыўы керек еди: “Сырт елде оқып, қәнигели болған қызды жәмийет өзиниң раўажланыўында қандай рольге қоймақшы?”
Тилекке қарсы, бүгинги додалаўларда бул қызлар билимли қәниге емес, ал тек ғана “турмысқа шығыў объекти” сыпатында көрилмекте. Ҳаяллардың билимине қарағанда жеке турмысын додалаў – бул инсан қатнасындағы аўыр қәтелик. Мәселен, Америкада оқыйтуғын ул балаға “Қайтып келип, елди көтереди” деген үмит болса, қыз балаға “Қайтып келгеннен кейин, өзгерген шығар” деген гүман бар.
Сырт елге оқыўға кетиў ҳәр қашан да “жолдан шығыў” дегени емес. Бул, өз жолын табыў, билим арттырыў, үлкен дүньяға қарай исенимли қәдем таслаў. Егер биз сырт елде оқып атырған ҳәр бир қызды унамсыз көзқарастан баҳаласақ, бул арқалы жәмийеттиң өзине исенимсизликти, тәрбиядағы әззиликти көрсетемиз. Перзентлеримизди исеним менен тәрбиялай алсақ, олар қай жерде болыўына қарамастан, өзлигин умытпайды.
Бүгин халықаралық көлемде сырт елде оқыған қызлар дипломатия, халықаралық медиа ҳәм илимий жойбарлар, медицина, технология, қаржы ҳәм ҳуқық тараўларында халықаралық шеңберде ўәкиллик етпекте. Олардың арасында Fulbright, Chevening, Erasmus+ сыяқлы абырайлы стипендияларды қолға киргизгенлер бар. Олар Өзбекстанға тек ғана билимлендириў емес, ал жаңа мәдений қатнаслар, жумыс усылы, халықаралық байланыс қуралларын алып келмекте. Егер биз бул күшли ҳаял-қызларды тек ғана жәмийетлик турмыста келин, ҳаял ролинде баҳаласақ, жәмийеттиң байлықларын өзимиз жоғалтамыз. Бул – тек ғана гендер теңлиги емес, социаллық раўажланыў пәтин аңлаў мәселеси.
Социаллық стереотиплер өз-өзинен жоғалмайды. Оларды билимлендириў арқалы, медиа қураллары арқалы, шаңарақ тәрбиясында, жетекши ҳаял образлары арқалы сапластырыў мүмкин.
Усы көзқарастан, Өзбекстанда ҳаял-қызлардың халықаралық дәрежедеги жетискенликлери ғалаба хабар қуралларында жетерли дәрежеде сәўлелендирилмеўи де стереотиплердиң тамыр жайыўына тийкар жаратпақта.
“Сырт елде оқыған қызға үйленер ме едиңиз?” деген сораў негизинде жәмийетке байланыслы сораў. “Биз билими, умтылысы, мәртлиги бар ҳаялға қандай мүнәсибетте боламыз?” Бул сораўға ҳәр биримиз өзимизден баслап жуўап излеўимиз керек. Болмаса, билими артқан ҳаялды жәмийеттен қысып шығарамыз – оған тек ғана ҳуқық емес, имканият бермеймиз.
Сырт елде оқып атырған қыз – бул тек ғана “Турмысқа шығыўға жарамлы ямаса жарамсыз” деген әпиўайылық пенен өлшенетуғын шахс емес. Ол – келешек дөретиўшиси. Солай екен, енди теңгениң екинши тәрепине қараў, жәмийетте ҳаял-қызлардың роли ҳаққында жаңаша қатнас жасаў ўақты келмеген бе екен?
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА