Матлуба Умурзоқова: UNFPA  мақсетлери Өзбекстан реформалары менен тығыз байланыслы

92

Мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы, экономикалық өсиўи ҳәм социаллық абаданлығы халықтың санының өсиўи менен тығыз байланыслы. Усы жағынан демографиялық турақлылықты сақлаў ҳәм халықтың потенциалынан нәтийжели пайдаланыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди.

Әсиресе, Өзбекстанда БМШтың Халықтаныў қоры (UNFPA ) менен жолға қойылған бирге ислесиў халықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Бул бағдардағы биргеликтеги басламалар арқалы репродуктивлик саламатлықты беккемлеў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, демографиялық мағлыўматларды жыйнаў және таллаў системасын жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан ҳәм UNFPA  арасындағы бирге ислесиў қандай принциплерге тийкарланған?

Бул сораўға UNFPA ның Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығының орынбасары Матлуба Умурзоқова төмендегише жуўап берди:

– Өзбекстан ҳәм БМШтың Халықтаныў қоры (UNFPA ) арасындағы бирге ислесиў өз-ара исеним, теңлик ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине тийкарланған. Бул бирге ислесиў шеңберинде халықтың саламатлығы, репродуктивлик ҳуқықлар, гендер теңлиги, жаслар менен ислесиў ҳәм демографиялық мағлыўматлар тийкарында сиясат жүргизиў сыяқлы тараўларда биргеликтеги бағдарламалар әмелге асырылады.

UNFPA  Өзбекстан ҳүкиметиниң миллий баслы бағдарларын қоллап-қуўатлайды ҳәм халықаралық тәжирийбе ҳәм техникалық жәрдем арқалы реформаларға жәрдемлеседи.

Бүгинги күнде Өзбекстан демографиялық раўажланыўдың әҳмийетли басқышында тур. Халықтың саны 38 миллионға жақынласпақта ҳәм 2050-жылға барып 50 миллионнан асып кетиўи күтилмекте. Мәмлекет демографиялық дивиденд деп аталыўшы басқышқа, яғный халықтың тийкарғы бөлеги мийнетке жарамлы жаста болған дәўирге кирип атыр. Бул жағдай жедел экономикалық өсиў ҳәм социаллық абаданлық ушын қолайлы шараятлар жаратады.

Бирақ бул имканият өз-өзинен әмелге аспайды. Бул, бәринен бурын, пуқта исленген сиясат, инклюзив реформалар ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған инвестицияларды талап етеди. Барлық пуқаралар, әсиресе, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж категориялар мәмлекеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў имканиятына ийе болыўы керек. Бул – демографиялық турақлылық, яғный жәмийеттиң өсиў, абаданлық ҳәм социаллық татыўлықты тәмийинлеў ушын демографиялық өзгерислерди алдыннан аңлаў ҳәм оларға бейимлесиў қәбилети болып табылады.

UNFPA  Өзбекстанда әмелге асырылып атырған бул миллий ҳәрекетлерди қоллап-қуўатламақта. Атап айтқанда, Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Стратегиялық реформалар агентлиги менен бирге ислесиў нәтийжели жолға қойылған. Түрли илажлар ҳәм дөгерек сәўбетлери арқалы өз-ара байланыслар беккемленип бармақта.

Улыўма алғанда, демографиялық турақлылық бул тек ғана бир уйым ямаса тараўдың ўазыйпасы емес. Ол барлық секторлар арасында муўапықластырылған ҳәм комплексли қатнас жасаўды талап етеди. Мәселен, билимлендириў системасы келешек ушын бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаўы, денсаўлықты сақлаў системасы болса халықтың қурамындағы өзгерислерге бейимлесиўи зәрүр. Бәнтлик сиясаты инклюзив ҳәм заман талапларына сәйкес болыўы, социаллық қорғаў системасы болса қартайыў процеси ҳәм шаңарақлық өзгерислерге таяр болыўы шәрт. Гендер теңлиги де усы стратегияның тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Өзбекстан Президенти атап өткениндей, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың имканиятларын кеңейтиў тек ғана руўхый миннет емес, ал экономикалық зәрүрлик болып табылады. Егер гендер теңсизлиги ҳәм оған тосқынлық етиўши факторлар сапластырылмаса, халықтың потенциалының үлкен бөлеги раўажланыў процесинен шетте қалыўы мүмкин.

Бул бағдардағы жумыслар инсан капиталы, инклюзив өсиў ҳәм социаллық әдилликке қаратылған Миллий турақлы раўажланыў мақсетлери ҳәм “Жаңа Өзбекстан – 2030” стратегиясына толық сәйкес келеди.  Демографиялық турықлылық, әне, усы мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли қурал сыпатында көринбекте.

Насиба Зиёдуллаева