Рабоб Фотима: Конференция нормасы сөз емес, турмыслық басламалар менен өлшенеди

87

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң теңизге  шығыў имканияты болмаған мәмлекетлер бойынша үшинши раўажланыў конфернциясында ең аз раўажланған мәмлекетлер, теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған  мәмлекетлер ҳәм киши атаўлардың  раўажланып атырған мәмлекетлери бойынша  Жоқары ўәкили Рабоб Фотима шығып сөйлеп, мәмлекетлердиң тәғдирин география алдынан белгилемеўи керек екенлигин атап өтти.

“Turkmenistaninfo” жазыўынша, Фотима ханым системалы шеклеўге қарамастан, үлкен потенциал ҳәм ресурсқа  ийе бундай мәмлекетлер раўажланыўға исеним менен умтылып  атырғанын атап өткен. Тосқынлықларды жеңип өтиў ушын бирге ислесиў, санлы интеграция, экономикалық транформация әҳмийетли екенлигине  итибар берген. Рабоб Фотима 320 дан аслам жойбарды өз ишине алған, кейинги он жыллық ушын стратегиялық  реже есапланған  Аваза Ҳәрекет Күн тәртиби иске түсирилгенин жәриялады.

Бағдарлама транзит екенлиги, климат өзгериўине шыдамлылық ҳәм жеке меншик секторды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылған.

Хызметкер сөзин жуўмақлап, халықаралық жәмиечиликти белгили мәселелерде қатаң илажлар көриўге шақырды:

– Конференция өлшеми сөз бенен емес, ал турмыслық өзгерислер – жоллар, саўда жоллары ҳәм мәмлекетлеримиз қатнасықларының беккемлениўи менен өлшенеди.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА