Темир жол транспорты инфраструктурасы қәўипсизлиги ҳаққындағы Техникалық регламент тастыйықланды

91

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Темир жол транспорты инфраструктурасы қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламентти тастыйықлаў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық: 

Темир жол транспорты инфраструктурасы қәўипсизлиги ҳаққындағы Техникалық регламент;

Темир жол транспорты инфраструктурасы қәўипсизлиги ҳаққындағы Техникалық регламентти енгизиў схемасы тастыйықланды.

Темир жол транспорты инфраструктурасы қәўипсизлиги ҳаққындағы Техникалық регламент улыўма пайдаланыўдағы ҳәм улыўма пайдаланыўда болмаған темир жол транспорты инфраструктурасына қолланылады.

Техникалық регламент талаплары Өзбекстан Республикасы аймағында темир жол транспорты инфраструктурасы объектлерин жойбарластырыў (соның ишинде, изертлеўлер алып барыў), өндирис, қурыў, монтажлаў, қурылысы жуўмақланған объектлерди пайдаланыўға қаратыў, қабыллаў ҳәм тапсырыўда, сондай-ақ, темир жол өнимлериниң муўапықлығын баҳалаўда мәжбүрий есапланады.

Темир жол транспорты инфраструктурасы Техникалық регламенттиң техникалық жақтан тәртипке салыў объекти есапланады ҳәм:

а) темир жол транспорты инфраструктурасының темир жол, темир жол электр тәмийнаты, темир жол автоматикасы ҳәм телемеханикасы, темир жол электр байланысы, сондай-ақ, станция имаратлары ҳәм қурылмалары сыяқлы төменги системаларын;

б) Техникалық регламентте көрсетилген темир жол транспорты инфраструктурасы төменги системаларының қурамлы бөлеклери ҳәм төменги системаларының қурамлы бөлеклериниң элементлерин өз ишине алады.

Усы Техникалық регламент 200 km/h ден жоқары тезликте ҳәрекетлениўши поездлар ушын мөлшерленген жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын темир жол транспорты инфраструктурасына қолланылмайды.

Ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў бөлеги бойынша темир жол транспорты инфраструктурасынан пайдаланыўға қойылатуғын талаплар темир жол транспорты ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленеди.

Техникалық регламент рәсмий жәрияланған күннен баслап алты ай өткеннен соң әмелге киргизиледи.

Қарарға бола Өзбекстан Республикасы аймағында қурылысы, ислеп шығарылыўы, орнатылыўы, жасалыўы ҳәм иске қосылыўы Техникалық регламент күшке кирген сәнеден алдын таўсылған өнимлер ушын муўапықлық сертификатлары яки декларациялары оларда көрсетилген мүддет даўамында әмел етеди.

 

ӨзА