Өзбекстан Президенти бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы илажларында қатнасыў ушын 4-5-август күнлери әмелий сапар менен усы мәмлекетте болды.
Мәмлекетимиз басшысы 5-август күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелерине бағышланған арнаўлы илажға қатнасты.
Илажға Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Адилбек Қасималиев, Әзербайжан Республикасы Бас минстри Али Асадов, сондай-ақ, рәсмий делегациялардың ағзалары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Ташкент қаласында болажақ Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлықтың тийкарғы тәреплери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның бул форматтағы басшылығы шеңберинде биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, жылдың басында Басшылық концепциясы ҳәм Биргеликтеги илажлар режеси қабыл етилди.
Қәўипсизлик кеңеслериниң хаткерлери, арнаўлы хызметлердиң басшылары, санаат, энергетика, суў хожалығы ҳәм экология министрлериниң ушырасыўлары, медиа ҳәм жаслар форумлары өткерилди.
Жылдың ақырына шекем парламентлераралық форум, қорғаныў, саўда ҳәм транспорт министрлериниң ушырасыўлары, мәдений-гуманитарлық илажлардың өткерилиўи режелестирилген.
Регионаллық шерикликтиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм оның нормативлик-ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мақсетинде ушырасыўдың концептуаллық ҳүжжетлери таярланбақта.
Ташкент саммити шеңберинде Өзбекстан тәрепи сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, экономикалық кооперацияның жаңа драйверлерин иске қосыў, шегара алды саўданы көбейтиў бойынша бир қатар басламаларды алға қойыў нийетинде екени атап өтилди. Суў ҳәм энергетика тараўларында, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты кеңейтиў ҳәм климаттың өзгериўи бойынша әмелий бирге ислесиў мәселелери дыққат орайында болады.
Әзербайжан тәрепиниң ушырасыўларда қатнасып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгинги күнде регион мәмлекетлери Әзербайжан менен нәтийжели бирге ислесип келмекте. Саўда, транспорт, “жасыл” энергетика тараўларында биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара муўапықластырылған ҳәм келисилген көзқараслары регионда раўажланыў ҳәм абаданлық мақсетлерине ерисиўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Түркменстанның “Бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын” орденин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа ҳәм туўысқан түркмен халқына жоқары мәмлекетлик сыйлық ушын терең миннетдаршылық билдирди.
– Бул сыйлықты Өзбекстан ҳәм оның көп миллетли халқына айрықша итибар ҳәм ҳүрмет, Орайлық Азия регионында дослық, жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы улыўма ҳәрекетлеримиздиң тән алыныўы сыпатында қабыл етемен,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Бай тарийхый тәжирийбе, туўысқанлық ҳәм өз-ара ҳүрмет дәстүрлерине тийкарланған Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Кейинги жылларда әҳмийетли экономикалық ҳәм гуманитарлық жойбарлар әмелге асырылды, өз-ара саўда көлеми ҳәм кооперация көлеми кескин артты.
Өзбекстан жетекшиси Арқадағ ҳәм регионның барлық мәмлекетлери басшылары Орайлық Азияда бирге ислесиўди алға қойыўға үлкен үлес қосып атырғанын айрықша атап өтти. Бүгин пүткил халықаралық жәмийетшилик регионаллық шериклик ҳәм өзликтиң жаңа моделин қурыўдағы улыўма жетискенликлеримизди тән алып атырғаны атап өтилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жоқары сыйлық ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирип, туўысқан түркмен халқын усы күнлерде өтип атырған БМШ конференциясы менен қутлықлады және усы жылдың декабрь айында Ашхабад қаласында Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы шеңбериндеги глобал саммиттиң табыслы өтиўин тиледи.
Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменбашы қаласындағы “Аваза” миллий туризм аймағында өткен БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясында қатнасты.
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен илажда БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, басқа да бир қатар мәмлекет ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары да қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, экономиканы трансформациялаў, климат өзгериўи ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерге шыдамлылықты арттырыў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында Түркменстанның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, глобал ҳәм регионаллық турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.
Конференцияда додаланып атырған мәселелер турмыслық әҳмийетке ийе екенин, себеби теңиз портларынан географиялық узақлық ҳәм бир неше мәмлекет аймақларын кесип өтиў зәрүрлиги бир қатар объектив машқалаларды келтирип шығарып атырғанын атап өтти.
Тарифлердиң жоқарылығы, транспорт коридорлары ҳәм инфраструктурасының шекленгенлиги, басқа мәмлекетлердиң бажыхана-транзит сиясатына ғәрезлилик усылардың қатарына киреди.
Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, үлкен транспорт қәрежетлери ҳәм транзиттиң турақсызлығы себепли Орайлық Азия регионы ҳәр жылы жалпы ишки өнимниң 2 процентине шекем жоғалтпақта.
Логистика қәрежетлери товарлар баҳасының 60 процентине шекемги бөлегин қурайды, бул болса дүньядағы орташа көрсеткиштен бир неше есе жоқары.
Усы мүнәсибет пенен жаңа исенимли транзит коридорлары ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў Орайлық Азияда турақлы раўажланыўдың әҳмийетли шәртине айланбақта.
– Бүгин бизди бирлестирген күн тәртиби фундаментал мәселе – әдиллик мәселесине байланыслы. Бул – теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлерге жәҳән экономикасында теңдей шараятларда қатнасыў имканиятын тәмийинлеў болып есапланады, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Соның менен бирге, бул әҳмийетли машқаланы шешиў ушын үш принципиал шәртти орынлаў зәрүр.
Булар турақлы раўажланыў тийкары сыпатында инфраструктураны модернизациялаў, транзит машқалаларының алдын алыў мақсетинде өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм глобал тең ҳуқықлықтың тийкарғы элементи болған раўажланыў ҳуқықын тәмийинлеў болып есапланады.
Кейинги жыллары Өзбекстанда жеке меншик секторды жедел тартқан ҳалда заманагөй транспорт-логистика тармағын қәлиплестириў бойынша системалы қәдемлер қойылды. Саўда-транспорт процесслерин санластырыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Әмелге асырылып атырған структуралық экономикалық реформалар, саўда системасын либералластырыў ҳәм инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў сезилерли нәтийжелер бермекте: бәсекиге шыдамлылық артты, инновациялық раўажланыў жеделлести.
– Орайлық Азияда өз-ара исеним ҳәм шериклик жаңа дәрежеге көтерилгени болса жедел өзгерислерге күшли түртки болмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бүгин регионда бирден-бир транспорт-логистика мәканы қәлиплеспекте. Орайлық Азияны Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы толық транзит хабына айландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.
Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми 4,5 есеге көбейди. Инвестициялар еки есеге, қоспа кәрханалардың саны бес есеге көбейди.
Усы жылы бирге ислесиўшилер менен “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылысы басланды, “Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Түркия” транспорт коридоры арқалы жүк тасыў көлеми сезилерли дәрежеде артты.
Теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлердиң улыўма қәўип-қәтерлери менен машқалаларын сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Президенти бир қатар анық усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Бәринен бурын, халықаралық транспорт коридорлары ҳәм инфраструктурасын жедел раўажландырыў ушын өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мәниде, “Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан” темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм оны қурылып атырған “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол магистралы менен тутастырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Бул кең регионымызда жаңа саўда-экономикалық мәкан ҳәм турақлы транспорт инфраструктурасын қәлиплестириў ушын үлкен имканиятлар ашады, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Мәмлекетимиз басшысы Орта коридор потенциалын, бәринен бурын, өз-ара келисилген транзит сиясатын жүргизиў, қағыйдаларды унификациялаў ҳәм контейнер тасыўлары ушын қолайлы тарифлерди енгизиў арқалы толық иске қосыўға шақырды.
Өзбекстан Президенти, сондай-ақ, БМШ қәўендерлигинде теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлер ушын Транзит кепилликлери ҳаққындағы глобаллық келисимди ислеп шығыўды усыныс етти.
Ҳүжжет портлар ҳәм коммуникациялардан әдалатлы пайдаланыў шәртлерин тәмийинлеў, жүк тасыўда қәўип-қәтерлерди азайтыў, глобал логистикада теңсизликти азайтыўға қаратылған.
Ири инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыў ушын бейимлесиўшең инвестициялық қуралларға талап артып баратырғанын есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы БМШ қәўендерлигинде Теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлердиң логистика интеграциясына жәрдемлесиў қорын дүзиў басламасын алға қойды. Орайлық Азия мәмлекетлериниң транспорт инфраструктурасы ушын инвестицияларға болған зәрүрлиги жылына дерлик 40 миллиард долларға баҳаланбақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан басшысы транзит имканиятларының шекленгенин қалыс анықлаў, халықаралық финанслық-техникалық бағдарламаларды кеңейтиў ҳәм ресурсларды реал шараятларды есапқа алған ҳалда нәтийжели бөлистириў мақсетинде теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлердиң Глобал әззилик индексин ислеп шығыў басламасын алға қойды.
Өзбекстанда аграр тараўды раўажландырыў бойынша Инновациялық хабты шөлкемлестириў усынысын әмелге асырыў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды. Бул бейимлесиўшең агротехнологияларды енгизиў, суўды үнемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша инновациялық жойбарларды алға қойыў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўға хызмет етеди.
Өзбекстан Президенти жетекши экспертлер ҳәм “интеллект орайлары”н улыўма қәўип-қәтерлерди жеңип өтиў бойынша усыныслар ислеп шығыўға, соның ишинде, халықаралық әнжуман ҳәм дөгерек сәўбетлерин өткериўге жедел тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
– Бундай илажлардың күн тәртибине мәмлекетлеримиздиң глобал өндирис шынжырларына терең интеграциясын тәмийинлеў, жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды жедел раўажландырыў, трансшегаралық инвестицияларды кеңейтиў ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў мәселелерин киргизиў мүмкин,-деди Президент.
Сондай-ақ, Өзбекстан теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлер ушын Халықаралық таллаў орайының жумысына қосылыў нийетинде екени мәлим етилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы мәмлекетимиз глобаллық раўажланыўдың және де әдалатлы архитектурасын қәлиплестириў бойынша конструктивлик ҳәм узақ мүддетли шерикликке таяр екенин тастыйықлады.
Конференция жуўмағында Аваза сиясий декларациясы қабыл етилди.
БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша конференциясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыўы болып өтти.
Глобал ҳәм регионаллық раўажланыўдың әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, БМШ Бас Ассамблеясының болажақ 80-юбилей сессиясын өткериў мәселелери көрип шығылды.
Усы мәниде, Өзбекстан жетекшиси Бас хаткердиң халықаралық тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, БМШ ҳәм оның тийкарғы институтларын заманагөй ўақыяға бейимлестириў мақсетинде реформалаў бағдарындағы басламаларын қатаң қоллап-қуўатлады.
Өзбекстан менен БМШ арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, Антониу Гутерриштиң өткен жылы июль айындағы мәмлекетимизге сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Бүгинги күнде 160 қоспа бағдарлама ҳәм жойбар табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Кейинги бир неше жылда Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди.
Усы жылы Шөлкемниң тийкарғы структуралары ҳәм институтлары, соның ишинде, БМШ-Хабитат ҳәм ЮНИСЕФ басшылары Өзбекстанға келди, Ташкентте “БМШ-Ҳаял-қызлар” структурасының ўәкилханасы ашылды.
Мәмлекетлик хызмет мәселелери бойынша форум биргеликте өткерилди. Самарқанд қаласында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына қызғын таярлық көрилмекте.
Мәмлекетимиз Глобал турақлы раўажланыў мақсетлери индекси бойынша ең алдынғы бес мәмлекет қатарына кирди. ТРМға ерисиў көзқарасынан БМШ пенен бирге ислесиў бойынша жаңа бес жыллық бағдарламаға қол қойылыўы күтилмекте.
Орайлық Азияда интеграцияны тереңлестириў, Аўғанстанды регионаллық бирге ислесиў процесслерине тартыў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстанға әмелий сапары шеңберинде Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзени қабыллады.
Саўда-экономикалық, транспорт-логистика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Грузия Бас министриниң усы жыл март айында Өзбекстанға сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жедел уйымлараралық байланыслар даўам етпекте, сыртқы ислер ҳәм экономика министрлериниң ушырасыўлары өткерилди. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалардың саны артпақта.
Өз-ара товар жеткерип бериўди көбейтиў, аўыл хожалығы, тоқымашылық, электротехника, фармацевтика, азық-аўқат тармақларында, сондай-ақ, логистика тараўында кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша муўапықластырылған илажлар көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Авазада өткен БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Әзербайжан Бас министри Али Асадовтың үш тәреплеме ушырасыўы болып өтти.
Өз-ара пайдалы регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Бәринен бурын, энергетика, транспорт ҳәм логистика, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында кооперация ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы жойбарларын ислеп шығыў ушын бул форматтағы сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.
БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Сердар Бердимуҳамедовты Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылында БМШтың глобал конференциясы жоқары дәрежеде өткерилгени менен қызғын қутлықлап, Түркменстанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын” ордени менен сыйлықлағаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық шеңберинде Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара товар алмасыў избе-из артып атырғаны, санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында кооперация кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жедел аймақлараралық ҳәм гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте.
Усы жылы өткерилиўи режелестирилген ҳүкиметлераралық комиссиялар мәжилислери, Исбилерменлер кеңеси, Аймақлар форумы ҳәм бир қатар мәдений илажлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режеси көрип шығылды.
БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша конференциясы шеңберинде мәмлекет басшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжанның миллий күнлерине бағышланған илажларда қатнасты.
Миллий күнлер регион халықларының бай мәдений мийрасын, беккемленип атырған қоңсышылық байланысларын ҳәм кеңейип атырған мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўин көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилди.


Бул жерде дәстүрлер ҳәм өнерментшиликке бағышланған, мәденият, көркем өнер ҳәм туризм тараўларындағы заманагөй жетискенликлер сәўлеленген миллий павильонлар ашылған. Сондай-ақ, миллий тағамлар көргизбеси ҳәм аспазлық бойынша шеберлик сабақлары шөлкемлестирилген.


Дәстүрий өзбек ҳәўлиси көринисинде қурылған Өзбекстан павильоны келиўшилерде жарқын тәсир қалдырды.
Илаж регионаллық өзине тәнлик ҳәм мәдений реңбе-реңликтиң гезектеги үлгиси сыпатында өз-ара аңласыўды беккемлеўге ҳәм Орайлық Азияны тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлық мәканы сыпатында көрсетиўге хызмет етти.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА