Өзбекстан Президенти теңизге шығыўға имканияты болмаған мәмлекетлердиң улыўма қәўип-қәтерлери ҳәм машқалаларын сапластырыў бойынша бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-август күни Түркменбашы қаласындағы “Аваза” миллий туризм аймағында өтип атырған БМШтың Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясына қатнасты.
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен илажда БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, сондай-ақ, басқа бир қатар мәмлекет ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары да қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, экономиканы трансформациялаў, климат өзгериўи ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерге шыдамлылықты арттырыў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Түркменстанның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, глобал ҳәм регионаллық турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Конференцияда додаланып атырған мәселелер турмыслық әҳмийетке ийе екенин, себеби теңиз портларынан географиялық узақлық ҳәм бир неше мәмлекет аймақларын кесип өтиў зәрүрлиги бир қатар объектив машқалаларды келтирип шығарып атырғанын атап өтти.
Тарифлердиң жоқарылығы, транспорт коридорлары ҳәм инфраструктурасының шекленгенлиги, басқа мәмлекетлердиң бажыхана-транзит сиясатына ғәрезлилик усылардың қатарына киреди.

Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, үлкен транспорт қәрежетлери ҳәм транзиттиң турақсызлығы себепли Орайлық Азия регионы ҳәр жылы жалпы ишки өнимниң 2 процентине шекем шығынға ушырамақта.
Логистика қәрежетлери товарлар баҳасының 60 процентине шекемги бөлегин қурайды, бул болса дүньядағы орташа көрсеткиштен бир неше есеге жоқары.
Усы мүнәсибет пенен жаңа исенимли транзит коридорлары ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў Орайлық Азияда турақлы раўажланыўдың әҳмийетли шәртине айланбақта.
– Бүгин бизди бирлестирген күн тәртиби фундаменталь мәселе – әдиллик мәселесине байланыслы. Бул – теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлерге жәҳән экономикасында теңдей шараятларда қатнасыў имканиятын тәмийинлеў болып есапланады, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Соның менен бирге, бул әҳмийетли машқаланы шешиў ушын үш принципиал шәртти орынлаў зәрүр.

Булар турақлы раўажланыў тийкары сыпатында инфраструктураны модернизациялаў, транзит машқалаларының алдын алыў мақсетинде өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм глобал тең ҳуқықлықтың тийкарғы элементи болған раўажланыў ҳуқықын тәмийинлеў болып есапланады.
Кейинги жыллары Өзбекстанда жеке меншик секторды жедел тартқан ҳалда заманагөй транспорт-логистика тармағын қәлиплестириў бойынша системалы қәдемлер қойылды. Саўда-транспорт процесслерин санластырыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Әмелге асырылып атырған структуралық экономикалық реформалар, саўда системасын либералластырыў ҳәм инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў сезилерли нәтийжелер бермекте: бәсекиге шыдамлылық артты, инновациялық раўажланыў жеделлести.

– Орайлық Азияда өз-ара исеним ҳәм шериклик жаңа дәрежеге көтерилгени болса жедел өзгерислерге күшли түртки бермекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бүгин регионда бирден-бир транспорт-логистика мәканы қәлиплеспекте. Орайлық Азияны Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы толық транзит хабына айландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.
Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми 4,5 есеге көбейип, 11 миллиард доллардан артты. Инвестициялар еки есеге, биргеликтеги кәрханалардың саны бес есеге көбейди.
Усы жылы бирге ислесиўшилер менен “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылысы басланды, “Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Түркия” транспорт коридоры арқалы жүк тасыў көлеми сезилерли дәрежеде артты.

Теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлердиң улыўма қәўип-қәтерлери ҳәм машқалаларын сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Президенти бир қатар анық усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Бәринен бурын, халықаралық транспорт коридорлары ҳәм инфраструктурасын жедел раўажландырыў ушын өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мәниде, “Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан” темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм оны қурылып атырған “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол магистралы менен тутастырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Бул кең регионымызда жаңа саўда-экономикалық мәкан ҳәм турақлы транспорт инфраструктурасын қәлиплестириў ушын үлкен имканиятлар ашады, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Мәмлекетимиз басшысы Орта коридор потенциалын, бәринен бурын, өз-ара келисилген транзит сиясатын жүргизиў, қағыйдаларды унификациялаў ҳәм контейнер тасыўлары ушын қолайлы тарифлерди енгизиў арқалы толық иске қосыўға шақырды.
Өзбекстан Президенти, сондай-ақ, БМШ қәўендерлигинде теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлер ушын Транзит кепилликлери ҳаққындағы глобаллық келисимди ислеп шығыўды усыныс етти.

Ҳүжжет портлар ҳәм коммуникациялардан әдил пайдаланыў шәртлерин тәмийинлеў, жүк тасыўда қәўип-қәтерлерди азайтыў, глобал логистикада теңсизликти азайтыўға қаратылған.
Ири инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыў ушын бейимлесиўшең инвестициялық қуралларға талап артып баратырғанын есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы БМШ қәўендерлигинде Теңизге шығыўға имканияты жоқ мәмлекетлердиң логистика интеграциясына жәрдемлесиў қорын дүзиў басламасын алға қойды. Орайлық Азия мәмлекетлериниң транспорт инфраструктурасына инвестицияларға болған талабы жылына дерлик 40 миллиард долларға баҳаланбақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан басшысы транзит имканиятларының шекленгенин әдил анықлаў, халықаралық финанслық-техникалық бағдарламаларды кеңейтиў ҳәм ресурсларды реал шараятларды есапқа алған ҳалда нәтийжели бөлистириў мақсетинде Теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлердиң Глобал әззилик индексин ислеп шығыў басламасын алға қойды.
Өзбекстанда аграр тараўды раўажландырыў бойынша Инновациялық хабты шөлкемлестириў усынысын әмелге асырыў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды. Бул бейимлесиўшең агротехнологияларды енгизиў, суўды үнемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша инновациялық жойбарларды алға қойыў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўға хызмет етеди.
Өзбекстан Президенти жетекши экспертлер ҳәм “ақыл орайлары”н улыўма қәўип-қәтерлерди жеңип өтиў бойынша усыныслар ислеп шығыўға, соның ишинде, халықаралық әнжуман ҳәм дөгерек сәўбетлерин өткериўге жедел тартыў әҳмийетли екенин атап өтти.
– Бундай илажлардың күн тәртибине мәмлекетлеримиздиң глобал өндирис шынжырларына терең интеграциясын тәмийинлеў, жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды жедел раўажландырыў, трансшегаралық инвестицияларды кеңейтиў ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў мәселелерин киргизиў мүмкин,-деди Президент.
Сондай-ақ, Өзбекстан теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлер ушын Халықаралық таллаў орайының жумысына қосылыў нийетинде екени мәлим етилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы мәмлекетимиз глобаллық раўажланыўдың және де әдалатлы архитектурасын қәлиплестириў бойынша конструктивлик ҳәм узақ мүддетли шерикликке таяр екенин тастыйықлады.
Конференция жуўмағында Аваза сиясий декларациясы қабыл етилди.
ӨзА