Китап оқыўда таңлаў мәденияты

180

Бүгинги күнде китап оқыўға қызығыўшылық және ғалаба ен жайылмақта. Бирақ бул көтерилиў барлық ўақытта сапа менен байланыслы деп айта алмаймыз. Өзбекстан китап базарында жеңил-желпи мазмундағы, эмоционаллық руўхта жазылған, турмысқа жүзеки қарайтуғын китаплар барған сайын көбеймекте. Оқыўшылар, әсиресе, жаслар арасында бул түсиниктиң қәлиплескени қуўанышлы жағдай. Бирақ китаптың сапасы ҳаққында қатаң ойланатуғын ўақыт та жеткендей.

Көплеген китап дүканларында бүгин сатыўдың жоқары шоққысында болып атырған шығармалар – психологиялық мотивациялық қолланбалар, муҳаббатқа байланыслы гүрриңлер ямаса қызықлы турмыслық пикирлеўлер жәмленген шығармалар. Олар бир қарағанда пайдалы, руўхландырыўшы, оқыўға қолайлы болып көринеди. Бирақ бундай китаплардың көпшилиги көркемлик дәрежеден жырақ, терең турмыслық таллаўға емес, тек ғана сезим-туйғылар тербелисине тийкарланған болады.

Бул болса жас әўладты тек ғана аңсат ҳәм тез сиңетуғын мәлимлемеге үйретеди. Китапқумар тек ғана оқыў заўқын емес, ойлаў, салыстырыў, баҳалаў, сын көзқарастан пикир жүргизиў қәбилетин раўажландырыўы керек. Тилекке қарсы, бул жеңил-желпи шығармалар оқыўшының әдебий талғамын қәлиплестирмейди. Ал, оған әдебияттың ҳақыйқый ўазыйпасы неде екенлигин надурыс талқылаў қәўпин туўдырады.

Бул жағдайда машқала тек ғана китапқумарға байланыслы емес, әлбетте. Китап шығарыўшы баспалар да өз ўазыйпасын шын кеўилден орынласа мақсетке муўапық болар еди. Себеби айырым жеке меншик баспалар талапкер деп “иши бос” шығармаларды да иркилместен ислеп шығара береди. Китап дүканларыныӊ стеллажлары усындай китаплар менен толып кеткеннен кейин әдебият әлемине енди кирип киятырған оқыўшыда сапалы китапты таңлаўға болған қызығыўшылық азайып бара береди. Әне, соннан кейин олар ушын “Наўайы шығармаларын түсиниў қыйын”, “Ремарк тек урысты гүрриң етеди”, “Достоевский бир ғана ҳаял тымсалын тәрийплеў ушын 20 бетлеп қағаз жазады” деген түсиниклер қәлиплесип барады.

Ҳәзирги ўақытта китапқумарлықта таңлаў мәдениятын қәлиплестириў ушын белгили зыялыларымыз үгит-нәсият жумысларын алып бармақта. Көплеген белгили блогерлер, жазыўшылар ҳәм журналистлер өз бетлеринде китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыўға ҳәрекет етпекте. Социаллық тармақларда оқыўшыларға усыныс етилип атырған китаплар ҳаққында видео-тексериўлер, китаплар ҳаққында қысқа ҳәм жанлы пикирлер берилип барылмақта.

Мәселен, белгили букблогерлер ҳәр айда оқыған шығармаларының дизимин ортақласады, оқыўшыларға ҳәр қыйлы жанрларда оқыўды усыныс етеди. Бул басламалар, әлбетте, мақтаўға ылайық. Бирақ бул үгит-нәсиятлаў жумыслары бәрқулла терең таллаў менен емес, ал ғалабалық талапқа бейимлесиў арқалы алып барылып атырғаны да ҳақыйқат.

Соның ушын үгит-нәсиятлаў менен бирге, әдебий нормалар, көркемлик билимлендириў, китапқумарлық мәдениятының эстетикалық тәреплери ҳаққында да терең пикирлер берилиўи керек. Китапқумар тек ғана оқыўға емес, оқыўда мәнис, образ, идея, машқала излеўге әдетлениўи зәрүр.

Өзбекстан бойлап ҳәр жылы өткерилетуғын “Жас китапқумар” Республикалық таңлаўы мине, усындай талғамды тәрбиялаўға хызмет етпекте. Бул таңлаўда өзбек ҳәм жәҳән әдебиятының ең сайланды үлгилеринен таңлап алыныўы, қатнасыўшылардың шығармалар мазмунын терең аңлаў дәрежеси, образлар арқалы машқалаларды таллай алыўы жоқары баҳаланады.

Таңлаў шеңберинде балалар ҳәм жас өспиримлер тек ғана китап оқып қоймастан, ал олардан қандай жуўмақ шығарғаны, китапта көтерилген машқаланы турмысқа қалай байланыстырғаны ҳаққында пикир жүргизеди. Бул болса ҳақыйқый китапқумарлық мектеби болып есапланады.

Ҳақыйқый китапқумарлық – бул тек ғана оқыў емес, ал таңлаў, айырыў, аңлаў ҳәм пикир жүргизиў мәденияты болып есапланады. Бундай мәдениятты қәлиплестириўде төмендеги факторлар зәрүр әҳмийетке ийе. Мектеплерде әдебий талқылаўға тийкарланған оқытыў – оқыўшылар шығарманың структурасы, усылы, идеясы, машқаласы ҳәм көркем қатнасларын талқылай алыўы керек.

Китапқумарлық бүгинги заман адамының тийкарғы зәрүрликлериниң бири болып қалмақта. Бирақ бул талап тек ғана көлеми көбейген китаплар менен емес, ал сапа жағынан өзгерген, сананы тәрбиялатуғын, пикирлеўди қәлиплестиретуғын шығармалар менен толықтырылыўы зәрүр. Китап таңлаў, оны аңлаў ҳәм оннан жуўмақ шығарыў мәденияты бүгинги жәмийеттиң мәлимлеме ҳүжимлери ишинде жоғалып кетпеўи ушын бәршемиз жуўапкермиз.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА